Múrájat ushın isenim telefonı

background

Шоманай районы Халық билимлендириў бөлими системасын реформалаў бойынша 2022-жыл ушын раўажландырыў ЖОЛ КАРТАСЫ

Шоманай районы Халық билимлендириў бөлими системасын реформалаў бойынша 2022-жыл ушын раўажландырыў ЖОЛ КАРТАСЫ

Т/р Ис-илажлар аты Әмелге асырыў механизми Орынланыў мүддети Талап етилетуғын қаржы (сўм) Қаржыландырыў Орынланыўы ушын жуўапкер
I.  Таълим сифатини ошириш йўналиши
1.                   Улыўма билим бериў мектеплериниң шет тили бойынша пǝн оқытыўшыларының қǝнигелигин арттырыў бойынша оқыўды шөлкемлестириў 1. Шет тили бойынша пǝн оқытыўшыларын оқытыў ис-илажлар режесин ислеп шығыў;

2. Шет тиллерин ен жайдырыў агентлиги менен биргеликте оқытыўшылар ушын оқыў-семинарлар шөлкемлестириў;

3. Шет тили муғаллимлери  ҳǝм барлық пǝн муғаллимлери арасында көрик танлаў шөлкемлестириў ҳǝм жеңимпаз болған оқытыўшыларды хошаметлеў

2022-жыл

март

2022-жыл

март

 

2022-жыл

март-апрель

Жойбар

көлеминде

Жергиликли бюджет есабынан

 

Халық билимлендириў бөлими
2.                   Райондағы улыўма билим бериў мектеплери муғаллимлери ҳәм оқыўшыларын TIMSS (4- ҳәм 8-класс оқыўшыларының математика ҳәм тәбий бағдардағы пәнлерден өзлестириў дәрежесин баҳалаў), PISA (15 жаслы оқыўшылардың оқыў, математика ҳәм тәбий пәнлерден саўатханлығын баҳалаў) халықаралық баҳалаў бағдарламаларында қатнасыўға аймақтағы таяныш мектеп базасында таярлаў мақсетинде әмелий шынығыўларға барлық мектеплерди тартыў. 1. Улыўма билим бериў мектеплери оқыўшыларының оқыў, математика ҳәм тәбий пәнлер бағдарында саўатханлығын әдил баҳалаў;

2. Оқыўшылардың алған билимлерин әмелиятта қоллана алыў қәбилетин раўажландырыў;

3. Халықаралық бағдарламалар шеңберинде билимлендириўдиң сапасын баҳалаў методикасы ҳәм технологияларын таянш мектеп негизинде нәтийжели пайдаланыў.

4. А. Авлоний илимий-изертлеў институтының халық аралық баҳалаў программаларына таярлаўшы sesting.uz платформасы арқалы аймақ мектеплериниң оқыўшыларын PISA, PIRLS, TIMSS онлайн таярлық сынақларында қатнасыўын тәмийинлеў.

2022-жыл феврал-май

 

 

Турақлы

 

 

Турақлы

 

 

 

2022-жыл февраль-май

Халық билимлендириў бөлими
3.                   “Интернет ҳәм билимлендириў”, “Тәрбия оқыўшылар нәзеринде”, бағдарында әмелий семинарлар шөлкемлестириў 1. Тастыйықланған реже  график тийкарында оқытыўшыларға тәжирийбели педагогларды бекиткен ҳалда шеберлик-сабақларын шөлкемлестириў 2022-жыл

апрель-октябрь

Халық билимлендириў бөлими
4.                   Оқыўшыларда жазба саўатханлығын  ҳǝм пикирлеў көликпелерин қǝлиплестириў. 1.      Оқыўшыларда жазба саўатханлығын ҳǝм пикирлеў көнликпелерин қǝлиплестириў  мақсетинде пǝн (математика, ана тили) дөгереклериниң нǝтийжелилигин жетилистириў;

2.      5-11 класс оқыўшылары ушын диктант текстлери ҳǝм математикадан жазба жумыс материалларын таярлаў ҳǝмде сынаў өткериў;

3.      Алынған нǝтийжелерди анализлеў ҳǝм оқыўшылар менен биргеликте бослықлар устинде ислеўди шөлкемлестириў.

2022-жыл

Март

 

 

 

2022-жыл

Апрель

 

2022-жыл

май

 

Халық билимлендириў бөлими
5.                   Педагогларды заманагөй оқытыў методикасы, жаңа  Миллий оқыў дәстүри тийкарында қәнигелигин  арттырыў. 1. Миллий оқыў дәстүри тийкарында арнаўлы  видеокурслар жәрдеминде педагоглар қәнигелигин арттырыў.

2. Платформа арқалы басқышпа-басқыш муғаллимлер қәнигелигин арттырыў.

3. Устаз-шәкирт мектебин шөлкемлестирген халда жас қәнигелерге арналган оқыўларды шөлкемлестирип барыў.

 

Турақлы рәўиште

 

Халық билимлендириў бөлими
6. “Ең жақсы методикалық усыныс ҳǝм қолланба” көрик-танлаўын шөлкемлестириў. 1. Улыўма билим бериў мектеплеринде жумыс алып барып атырған пǝн оқытыўшыларының ис тǝжирийбесин үйрениў ҳǝм ен жайдырыўға усыныс етиў.

2. Үйрениў нǝтийжелеринен келип шығып пǝн оқытыўшыларының ис тǝжирийбелерин  район ҳǝм республика көлеминде ен жайдырыў.

3. Алдыңғы, тǝжирийбели ҳǝм ис тǝжирийбеси ен жайдырылған пǝн оқытыўшылары ортасында «Ең жақсы методикалық усыныс ҳǝм қолланба” көрик танлаўын шөлкемлестириў.

4. «Ең жақсы методикалық усыныс ҳǝм қолланба” танлаўында усыныс етилген оқыў методикалық қолланбаларды улыўма билим бериў мектеплеринде ǝмелиятта пайдаланыў.

2022-жыл

июнь

 

 

2022-жыл

Ҳǝр шеректе бир мǝрте

 

2022-жыл

май

 

 

Турақлы рәўиште

 

Халық билимлендириў бөлими
7. Педагог кадрлар потенциалын асырыў ҳәм кәсиплик шеберлигин раўажландырыў. 1. Қәнигелик категориясына ийе болмаған педагогларды анықлаў ҳәм дизимин қәлиплестириў.

2. Қәнигелик категориясына ийе болмаған педагог кадрларды 2022-жыл педагоглар аттестатциясына тартыў.

3. Халық билимлендириў бөлиминиң пән бағдарлары бойынша пән методистларин қамтып алған ҳалда, аттестатсияга тартылған педагог кадрлар ушын методикалық әмелий оқыў-семинарларын шөлкемлестириў.

2022-жыл Февраль

 

2022-жыл

Февраль-март

Халық билимлендириў бөлими
II.  Кадрлар потенциялын асырыў бағдары
9. Ең тәжирийбели ҳәм маман  муғаллимлерди  анықлаў. 1. Ең тәжирийбели ҳәм маман  муғаллимлерди  анықлаў

Бунда, алдынғы пед-технологияларды үйренип, билим сыпатын асырыўға өз үлесин қосып атырған, оқыўшылары жоқары билим көрсеткишлерине ерискен муғаллимлер арасынан таңлап алынады;

Дизимге алынған муғаллимлер Халық билимлендириў бөлими тәрепинен хошаметлеўге усыныў.

2022-жыл
Апрель
Халық билимлендириў бөлими
10. Оқытыўшыларды индивидуал программалар арқалы билимин асырыў. 1. Баҳалаў нǝтийжелери тийкарында ҳǝр бир оқытыўшыны 7 компетенция бойынша билим ҳǝм педагогикалық шеберлигин асырыўға қаратылған индивидуал қǝнигелигин асырыў курсына қамтып алыў;

2. Қǝнигелигин асырыў курсларын  “Үзликсиз кǝсиплик билим” электрон платформасы арқалы ǝмелге асырыў.

2022-жыл
Апрель-май
Халық билимлендириў бөлими
11. Улыўма билим бериў мектеплериндеги жәми категориясыз педагоглар үлесин 49,3 пайыздан 30 пайызға кемейтиў. 1. Билимлендириў сыпаты мониторинг бөлими барлық пән методистлери менен биргекликте оқытыўшылардың метод күнлеринен нәтийжели пайдаланыў бойынша ис-илажлар ислеп шығыў ;

2. “Устаз-шәкирт” дәстүри бойынша устазларға ҳәр бир кәсип бойынша мәлим мүддетке мөлшерленген анық ис-илажлар ислеп шығыў;

3. Тазадан жумысқа қабыл етилген категориясыз педагогларды усы оқыў жылының март-май айларындағы педагог кадрлар аттестациясына өз қәлеўи менен нәўбеттен тысқары аттестацияға тартыў;

4. Пәнлер кесиминде педагог кадрлар аттестациясы қәнигелик тест сынаўларына таярланыў топарларын шөлкемлестириў

2022-жыл

Феврал-март

 

 

 

2022-жыл

Феврал

 

 

2022-жыл

март-май

 

 

 

2022-жыл

март   ноябр

Халық билимлендириў бөлими
12. Орта арнаўлы муғаллимлердиң үлесин 5,7 пайыздан 3 пайызға кемейтиў. 2022-жылда 65 орта арнаўлы мағлыўматлы муғаллимлердиң 7 (10,7 пайыз) педагогикалық бағдардағы жоқары билимлендириў орынларына оқыўға кириў бойынша үгит-нәсиятлаў жумысларын алыпбарыў. 2022-жыл

Июн-август

Халық билимлендириў бөлими
13. Улыўма орта билим бериў мектеп директорлары ушын мақсетли көшпели оқыў-семинарларын шөлкемлестириў. 1. Ҳәр айдың екинши ҳаптесинде халық билимлендириў бөлиминиң усынысы менен оқыў семинарларының темаларын ҳәм өткерилетуғын орынын белгилеў.

2.Бөлимниң тийисли жуўапкер қәнигелери менен биргеликте оқыў семинарларының темасы бойынша көргизбели материалларын ҳәм усынысларын ислеп шығып орынларға жеткериў;

3. Ҳәр айдың соңғы шембисинде халық билимлендириў бөлими баслығы басшылығында мектеп директорларының мақсетли оқыў семинарларын өткериў.

Реже

Тийкарында

ҳәр айда

Халық билимлендириў бөлими
14. Халық билимлендириў бөлиминдеги улыўма орта билим бериў мектеплеринде билимлендириў процесин шөлкемлестириўде методикалық хызмет көрсетиўди жǝнеде  жетилистириўдиң оқыў ислери бойынша директор орынбасарларының кеңесин шөлкемлестириў. 1. Халық билимлендириў бөлиминдеги улыўма орта билим бериў мектеплери директорларының оқыў ислери бойынша орынбасарлары искерлигин муўапықластырыўшы оқыў методикалық кеңеслер ҳаққындағы тǝртипти ислеп шығыў;

2. Оқыў методикалық кеңестиң турақлы өткерилиўин тǝмийинлеў.

2022-жыл

Февараль

 

 

 

 

Реже тийкарында

Халық билимлендириў бөлими
III.  Жаслар руўхыйлығын жоқары көтериў бағдары
15. Улыўма орта билим бериў мектеплеринде оқыўшылардың ишки тәртип ҳәм әдеп-икрамлылық қағыйдаларына әмел етиўи бойынша ата-аналардың жуўапкершилигин асырыў. 1. Ишки тәртип ҳәм әдеп-икрамлылық қағыйдалары бойнша ҳәр бир ата-ананы таныстырыў.

2. Мектептиң ишки тәртип ҳәм әдеп-икрамлылық қағыйдалары ҳаққындағы нызамын оқыўшылар арқалы олардың ата-аналарына жеткериў.

3. Ишки тәртип ҳәм әдеп-икрамлылық қағыйдаларына әмел етпеген хызметкер ҳәм оқыўшыларға нызамда белгиленген тәртипте кескин шаралар көрип барыўын тәмийинлеў.

2022-жыл

февраль

 

2022-жыл

март-Апрель

 

 

Турақлы түрде

Халық билимлендириў бөлими,

Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы районлық бөлими,

Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап қуўатлаў бөлими,

Жаслар ислери агентилиги,

Ишки ислер бөлими

16. Мәденият хызметкерлери менен биргеликте концерт бағдарлама дәстүрлерин шөлкемлестириў. 1. Район ҳәкимлиги  тәрепинен жаслар ҳәм мектеп оқыўшылары ушын Наўрыз ҳәм Ғәрезсизлик байрамларында мәденият хызметкерлери менен ушрасыўлар ҳәм концерт бағдарламалар шөлкемлестириў

 

2022-жыл

Март-август

Халық билимлендириў бөлими

Мәденият бөлими,

Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы районлық бөлими,

Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап қуўатлаў бөлими,

Жаслар ислери агентилиги,

Қаржы бөлими

17. Өзбекстан жазыўшылар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен “Китапқумар мушайрасы” илажларын шөлкемлестириў. 1.Мектеплерде «Китапқумар  мушайрасы”  илажларын өткериў кестесин тастыйықлаў.

2. Көрнекли, белгили әдебиятшылар, шайыр ҳәм жазыўшыларды тастыйықланған кесте тийкарында мектеплерде ушрасыўлар шөлкемлестириў.

3.Ушырасыўларда белсене қатнасқан оқыўшыларды хошаметлеп барыў.

 

Реже тийкарында Халық билимлендириў бөлими

Мәденият бөлими,

Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы районлық бөлими,

Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап қуўатлаў бөлими

18. Оқыўшы жаслар арасында «Ҳәким кубоги», «Заковат» интелектуал ойынларын өткериў.

 

1. “Ҳәким кубоги”, “Заковат” интелектуал ойынларын өткериў ҳаққындағы режесин тастыйықлаў.

2. “Заковат” интелектуал ойынларын мектеп, районлық ҳәм аймақлық басқышларын өткериў.

3. “Заковат” интелектуал ойынында жеңимпаз болған оқыўшыларды мүнәсип хошаметлеп барыў.

2022-жыл

Март

 

2022-жыл

Апрель

 

2022-жыл

май

Халық билимлендириў бөлими

Мәденият бөлими,

Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы районлық бөлими,

Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап қуўатлаў бөлими

19. Оқыўшыларда Ўатанға муҳаббат сағынышын қәлиплестириў мақсетинде “Ўатан сүйиўшилик” сабақларын шөлкемлестириў. 1.Оқыўшыларды полигонларға  әскерий-дала шынығыўлары ҳәмде шабандозлар мектебине қатнастырыў ҳаққындағы ис-илажлар режесин ислеп шығыў ҳәм  тастыйықлаў.

2. Реже тийкарында белгиленген орынларда мектеплердеги жасларды шақырыққа шекемги таярлық ислери муғәллимлери қатнасында, миллий гвардия, әскерий бөлим, ишки ислер бөлимлери менен биргеликте сабақлар шөлкемлестириў.

 

Реже тийкарында Халық билимлендириў бөлими

Миллий гвардия,

Ишки ислер бөлими

20. Оқыўшылар арасында «Ўатаным тарийхын үйренемен» ис-илажын шөлкемлестириў.

 

1. Оқыўшылар арасында «Ўатаным тарийхын үйренемен» ис илажларын өткериў бойынша нызамын ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў

2. Улыўма орта билим бериў мектеплерининг 7-9-класс оқыўшылары арасында шығармалар таңлаўын өткериў.

3. Шығармалар таңлаўында идеяларды ҳәмде ис-илажда белсене қатнасқан оқыўшыларды хошаметлеп барыў.

2022-жыл

ноябрь

 

 

 

2022-жылдекабрь

Халық билимлендириў бөлими,

Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы районлық бөлими,

Қаржы бөлими

Ишки ислер бөлими,

Миллий гвардия

21. Билимлендириў мәкемелеринде « Жаслар ҳәм нураныйлар» ушырасыўларын шөлкемлестириў.

 

1. Билимлендириў мәкемелеринде « Жаслар ҳәм нураныйлар» ушрасыўлары графигин ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў.

2. График тийкарында ҳәр бир мектепте мәҳаллелерде абырай-итибарға ийе, Ўатан алдында минсиз  мийнет еткен ҳақ нийетли инсанлар менен ушырасыўлар шөлкемлестириў

Реже тийкарында Халық билимлендириў бөлими,

Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап қуўатлаў бөлими,

Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы районлық  бөлими,

22 Оқыўшы-жаслар тәрепинен жүз бериўи мүмкин болған ҳуқықбузарлықлар ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў бойынша жумысларды мәнзилли шөлкемлестириў. 1. 2022-жылда оқыўшы жаслар  тәрепинен жүз бериўи мүмкин болған жынаятшылық ҳәм хуқуқбузарлықлардың алдын алыўға қаратылған прокуратура, ишки ислер уйымлары ҳәм де халық билимлендириў  бөлими  менен биргеликте  “Жол карта” ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў.

2. “Жол карта” атқарыўы бойынша ҳәр шеректе бир мәрте талқылаў шөлкемлестириў.

3. Ҳәр бир мектепте ҳәптениң пийшемби-профилактика күнинде ИИБ хызметкерлери менен биргеликте “Қатнас-тиг’” ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў бойынша ҳәр қыйлы илажларды өткериў.

2022-жыл

февраль

 

2022-жыл

Ҳәр шеректе

 

 

 

2022-жыл

ҳәр айдың ақырғы 10 күнлигинде

 

Халық билимлендириў бөлими

Ишки ислер бөлими

 

23. Оқыўшыларды ўатан сүйиўшилик  руўхында тәрбиялаў мақсетинде “Жалолиддин Мәңгуберди, Әмир Темур, Алишер Наўайы, Заҳириддин Муҳаммад Бобур исиниң даўамлаўшылары”, “Мен ўатан қорғаўшысыман” сыяқлы дөретпелер ҳәм көрик-таңлаўларды шөлкемлестириў. 1. Көрик-таңлаўлар қағыйдаларын ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў.

2. Таңлаўларды 3 басқышта; мектеп, район ҳәм де аймақ көлеминде шөлкемлестириў.

3. Ҳәр бир басқыш бойынша жеңимпаз деп табылған жасларды хошаметлеў илажларын көриў.

2022-жыл

февраль-

Апрель

 

 

 

Халық билимлендириў бөлими,

Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы районлық бөлими

Қаржы бөлими

 

 

24. Улыўма орта билим бериў мектеп оқыўшы -жаслары менен белгили спортшылар, жазыўшы ҳәм шайырлар, мәденият хызметкерлери қатнасыўындағы дөретиўшилик ушырасыўларды шөлкемлестириў. 1. Халық билимлендириў, Мәденият, Туризм ҳәм Спорт министрликлери ҳәм де Жазыўшылар аўқамы менен биргеликте ушырасыўлар графигин тастыйықлаў.

2. Дөретиўшилик ушырасыўларға бирге ислесиўши шөлкемлер тәрепинен белгили спортшы, шайыр ҳәм жазыўшылар қатнасыўын тәмийинлеў.

3. Мектеп оқыўшыларын дөретиўшилик ушырасыўларға қатнастырыў ҳәм ушрасыўлар шөлкемлестирилиўи ушын шәрт-шараятлар  жаратыў.

2022-жыл

февраль

режеге тийкар

 

 

 

режеге тийкар

Халық билимлендириў бөлими

 

Мәденият ҳәм спорт туризмди раўажландырыў бөлими,

 

Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы  районлық бөлими

 

25. “Жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық” ураны астында район прокуратурасы, ҳуқық қорғаў уйымлары, миллий гвардия бөлимлери менен биргеликте тәрбиясы аўыр ҳәм ишки қадағалаўда турыўшы оқыўшылар менен әскерий-патриотлық руўхындағы илажларды өткериў. 1. Илажларды өткериў бойынша ис илаж  ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў.

2.“Жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық” темасында дөретпелер ҳәм сүўретлер таңлаўын өткериў.

3. Оқыўшылар арасында спорт ҳәм әскерий жарысларды шөлкемлестириў.

4. Таңлаў ҳәм жарыс жеңимпазларды хошаметлеў.

5. Район  орайында әскерий техникалар көргезбесин шөлкемлестириў.

2022-жыл

май

Халық билимлендириў бөлими

Қаржы бөлими

Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы районлық бөлими

Ишки ислер бөлими,

Миллий гвардия.

26. Оқыўшы-жасларда телефоннан,  атап айтқанда интернеттен пайдаланыў көнликпелерин қәлиплестириў. 1. Класс басшылары тәрепинен ата-аналарға мектеп аймағында телефоннан қандай пайдаланыў мүмкинлиги ҳаққында мағлыўматлар бериў.

2. 1-4 класс оқыўшылары ушын “Интернет бул не?”, 5-11 класс оқыўшылары ушын  “Интернет, социал тармақлар ҳәм олардың жасларға унамсыз тәсирлери“ темаларында дөңгелек стол сәўбетлесиўлери, ашық тәрбиялық саатлар  шөлкемлестириў.

3. Информатика сабақларында интернеттеги түрли қәўиплер, социал тармақлардағы ҳәр қыйлы бузғыншы сайтлар, соның менен бирге, интернеттен пайдаланыў мәденияты ҳаққында түсиндириў жумысларын алып барыў.

Жыл даўамында Халық билимлендириў бөлими

Жаслар ислери агентлиги

27. “Қызларжан” оқыўшы -қызлар форумының район  ҳәм аймақлық басқышын өткериў. 1.Қарақалпақстан Республикасында “Қызларжан” оқыўшы-қызлар форумын өткериў бойынша илажлар дәстүрин ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў.

2.Дәстүр тийкарында форумды жоқары дәрежеде шөлкемлестириў.

2.Форум шеңбериндеги жойбар жеңимпаз оқыўшыларын республика басқышына  қатнасыўын тәмийинлеў.

3.Жеңимпаз ҳәм белсене қатнасқан оқыўшыларды мүнәсип хошаметлеў.

2022-жыл

Сентябрь- октябрь

Халық билимлендириў бөлими

 

Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап қуўатлаў бөлими,

Қаржы бөлими

 

 

28. Улыўма билим бериў мектеплери оқыўшылары арасында “Жас шегарашы” жарысларын шөлкемлестириў. 1. Бирге ислесиўши шөлкемлер менен қоспа буйрық таярлаў.

2.Жарысларды өткериў бойынша әмелий-методикалық оқыў-семинарлар шөлкемлестириў.

3.Барлық мектеплерде таярлық жумысларын  шөлкемлестириў.

4. Район басқышларын өткериў.

5. Қарақалпақстан Республикасы басқышын өткериўге қатнасыў.

2022-жыл

Март

Апрель

 

 

Апрель

 

Май

 

июнь

Жаслар ислери агентлиги

 

Халық билимлендириў бөлими

 

Әскерий қорғаныў бөлими

30. Улыўма орта билим бериў мектеплери оқыўшылары арасында “Жас қутқарыўшы” жарысын өткериўди шөлкемлестириў. 1.Жарысты өткериў ушын әмелий-методтикалық семинар шөлкемлестириў.

4. Район басқышын өткериў.

5. Қарақалпақстан Республикасы басқышына қатнасыў.

2022-жыл

январь

 

февраль

Май

 

 

 

Халық билимлендириў бөлими

Жаслар ислери агентлиги

Айрықша жағдайлар бөлими

IV.  “5 ǝҳмийетли баслама”ны енгизиў бағдары
31. Мектеплерде ойын, театр, сүўретшилик бағдарларында дөгереклер ҳәм көркем-өнер ҳәўескерлик дөгереклерин шөлкемлестириў

 

1. Тийисли пән оқытыўшылары, орынлардағы  мәденият бөлимлери,  руўхыйлық ҳәм билим орайлары, жазыўшылар аўқамы тәрепинен мектеплерде  бул  бағдардағы дөгереклердиң искерлигин жолға қойыў.

2. Бәркәмал әўлад балалар мектеплери дөгерек басшылары тәрепинен ойын, театр, сүўретшилик бағдарларында тармақ  дөгереклери  шөлкемлестириледи.

Февраль-март Халық билимлендириў бөлими,

 

Мәденият бөлими,

 

Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы бөлими

32. Таълим муассасаларида спорт тўгараклари фаолиятини янада такомиллаштириш 1. Мавжуд болалар ва ўсмирлар спорт мактабини улар жойлашган ҳудуддаги мактабларга бириктириш графигини ишлаб чиқиш.

2. Болалар ва ўсмирлар спорт мактаблари ҳамда бириктирилган мактаблар ўртасида ҳамкорлик юзасидан йўл харитасини ишлаб чиқиш.

3. Йўл харитаси асосида фаолиятни йўлга қўйиш, ёшларни кўпроқ спортга жалб қилиш чораларини кўриш.

Февраль

 

 

 

 

Март

 

 

 

доимий

Шуманай тумани Халқ таълими,

Спорт ва туризмни ривожлантириш булими

33. Улыўма билим бериў мектеплери  китапханалары санлы   технологиялары  бойынша үскенелеў  майданынан
2023-2026 жылларға  мөлшерленген дастүр ислеп шығыў
“Балалар китапханалари”ын  заманагөй ҳәм жәҳән стандартлары тийкарында тазадан қурыў, реконструктция қылыў ҳәм жетилискен  ремонтлаў бойынша бөлек  жойбар тийкарында қурылысын әмелге асырыў ;

Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен усыныс етилген дизимге муўапық улыўма орта билим бериў мәкемелери китапханалары ушын қосымша оқыў залларын шөлкемлестириў;

барлық улыўма орта билим бериў мәкемелери китапханаларында WI-FI  зоналарын шөлкемлестириў;

туўысқан халықлар тиллерде оқытылатуғын улыўма орта билим бериў мәкемелери китапхана фонды ушын өзбек миллий әдебиятларын қоңсылас тиллерде аўдарма етилген әдебиятлар менен толтырыў.

2022-2023 жыллар Халық билимлендириў бөлими

 

Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы бөлими

 

Жаслар ислери агентлиги,

Қаржы бөлими

 

 

 

34 Билимлендириў  мәкемелеринде спорт дөгереклери  искерлигин және де жетилистириў

 

1.Спорт мектеплерине жақын болған мектеплерге бириктириў   графигин ислеп шығыў.

2. Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеплери ҳәм де бириктирилген мектеплер арасында  бирге ислесиў бойынша  жол картасын  ислеп шығыў.

3. Жол  картасы  тийкарында  жаслардың искерлигин жолға қойыў, жасларды көбирек спортқа тартыў илажларын көриў.

Февраль

 

 

 

 

Март

 

 

 

Турақлы түрде

Халық билимлендириў бөлими

Спорт ҳәм туризмди раўажландырыў бөлими

35. Мәҳаллелерде материаллық, спорт ҳәм китапханлық илажларын шөлкемлестириў. Мәҳәллердеги жаслар жетекшилери тәрепинен мектеплерде сабақтан тысқары ўақытта, жарыс, концерт, китапханлық, мушоираси, “Зийреклик” ҳәм басқа интеллектуаллық ойынларды мәҳәллелердеги жаслар ушын шөлкемлестириў. Жыл
даўамында
Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап қуўатлаў бөлими,

Халық билимлендириў бөлими,

Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы бөлими

Жаслар ислери агентлиги,

Қаржы бөлими

36. Спорттың «Миллий гүрес» түри  жарысын шөлкемлестириў. 1. Миллий гүрес бағдары бойынша  «Ҳәким кубоги” жарысын өткериў ҳаққында қағыйданы тастыйықлаў.

2. Жарыстың  мектеплер кесиминде саралаў басқышын өткериў.

3. Жарыстың районлық басқышын өткериў.

4. Жарыс жеңимпазларын сыйлықлаў илажын шөлкемлестириў.

2022-жыл

Сентябрь-октябрь

Район ҳәкимлиги,

 

Спорт ҳәм туризмди раўажландырыў бөлими

 

Халық билимлендириў бөлими

Қаржы бөлими

37. Оқыўшы-жаслар арасында спорттың “Шахмат” түри бойынша район кубоги  жарысын  шөлкемлестириў. 1. Шахмат жарысын  өткериў бойынша нызамын тастыйықлаў.

2. “Шахмат” жарысын 3 басқышта : мектеп, район, Қарақалпақстан Республикасы басқышларын шөлкемлестириў.

3. Жарыстың мектеп, район басқышын өткериў.

4. Жарыс жеңимпазларын сыйлықлаў илажын шөлкемлестириў.

2022-жыл

ноябрь

 

2022-жыл

декабрь

Халық билимлендириў бөлими

Спорт ҳәм туризмди раўажландырыў бөлими,

Қаржы бөлими

 

V.  Пиркериўшилерди кәсип-өнерге бағдарлаў
38. Улыўма орта билим бериў мектеп оқыўшыларының қызыўшылығы тийкарында кәсип  өнерге оқытыў жумысларын шөлкемлестириў. 1. Баслаўыш кластан баслап оқыўшыларды мийнет базарында бар болған кәсип түрлери ҳаққында түсиник бериў;

2. Психологиялық диагностика тийкарында улыўма билим бериў мектеплеринде 7-9-класс оқыўшыларын кәсипке қызығыўшылығын анықлаў ҳәм  ислеп шығарыў санаат карханалары менен таныстырыў мақсетинде экскурсияларды шөлкемлестириў;

3. Аймақтың социаллық ҳәм эканомикалық жағдайынан келип шыққан ҳалда
10-класс оқыўшыларын мектепте белгилеп берилген кәсиплерге үйретиў ҳәмде “Устаз-шәкирт” дәстүри тийкарында кәсип-өнерге бағдарлаў;

4. Алыс аймақлардағы улыўма билим бериў мектеплеринде  кантейнерлерден таярланған арнаўлы үскенелер менен тәмийинленген ханаларды шөлкемлестириў;

5. Касип-өнерге бағдарлаўда әмелият ханаларын туризим ,бағбаншылық, тәдбиркарлық, миллий өнерментшилик тараўына тийисли әспаб үскенелер менен тәмийинлеў;

6.Қаланы раўажландырыў инфраструктурасынан келип шығып оқыўшыларды усы жөнелислерге қызықтырыў арқалы қәнийгеликлерге бағдараў жумысларын шөлкемлестириў.

2022-жыл

Март-

Апрель

Халық билимлендириў бөлими

 

39. 9-класс оқыўшыларын кәсип-өнер мектеплери ҳәм академиялық лицейлерге, кәсип-өнерге бағдарлаў 1. Улыўма орта билим бериў мектеплериниң 9-класс питкериўшилериниң қызығыўшылықлары тийкарында кәсип-өнерге бағдарлаў бойынша усыныслар бериў.

2. Улыўма орта билим бериў мектеплериниң 9-класс оқыўшылары ата-аналарына кәсип-өнер мектеплеринде үйретилетуғын кәсиплер ҳәмде академик лицейлерге бағдарлаў ҳаққында мағлыўмат берип барыў.

3. Улыўма орта билим бериў мектеплериниң
9-класс питкериўшилериниң қызығыўшылығы ҳәм қәбилети бойынша Кәсип-өнер мектеплери ямаса академиялық лицейлерге бағдарлаў жумысларын шөлкемлестириў.

2022-жыл

Март

 

2022-жыл

Апрель

 

2022жыл

май

Халық  билимлендириў бөлими

 

40. Технология ҳәм кәсипке үйретиў ханаларын заманагөй кәсиплер бойынша тийисли әспаб үскенелер менен тәмийинлеў. 1. Улыўма орта билим бериў мектеплериниң “Технология ҳәм кәсипке үйретиў” хоналарын  хатлаўдан өткериў.

2. Аймақлардың раўажланыў параметрлерине  қарап ҳәм заманагөй кәсиплерин үйретиў ушын әспаб-үскенелер дизимин қәлиплестириў.

3. Технология ҳәм кәсипке үйретиў ханаларын талап бар болған кәсиплер бойынша басқышпа-басқыш  үскенелер менен тәмийинлениўин шөлкемлестириў.

2022жыл

март-Апрель

2022жыл

март

 

2022-жыл

июнь-декабрь

 

Халық  билимлендириў бөлими,

Қаржы бөлими

VI.  Қǝбилетли оқыўшылар ҳǝм тәжирийбели  тренерлерди қоллап-қуўатлаў бағдары
41. Қәбилетли оқыўшылар арасында пән олимпиадалының районлық баскышына қатнасатугын оқыўшыларға шараят жаратыў. 1. Қәбилетли оқыўшылар арасында пән олимпиадалының районлық баскышына қатнасатугын оқыўшыларға шараят жаратыў.

2. Пән олимпиадасының республика баскышына оқыўшыларды қатнастырыў мақсетинде шараят жаратыў.

 

2022-жыл

февраль- ноябрь

 

 

 

 

 

 

Халық билимлендиримў бөлими
42. Пǝн олимпиадалары ҳǝм  спорт жарысларында жеңимпаз болған қǝбилетли оқыўшылар менен район Ҳǝкими ушырасыўларын шөлкемлестириў 1. Пǝн олимпиадалары ҳǝм  спорт жарысларында жеңимпаз болған қǝбилетли оқыўшылар дизимин қǝлиплестириў;

2. Қǝбилетли оқыўшыларды хошаметлеў мақсетинде район Ҳǝкими ушырасыўларын шөлкемлестириў;

 

2022-жыл

Март

 

 

 

2022-жыл

Апрель

Халық билимлендиримў бөлими
43 Қәбилетли жасларды анықлаў ҳәм маман кадрларды таярлаў ҳәмде оларды материаллық хошаметлеў системасын жаратыў. ₽әкимлик пенен биргеликте ашық олимпиадалар кестесин ҳәм өткерилиу тәртибин ислеп шығыў;

“Ҳәким  кубоги” ашық олимпиадасын шөлкемлестириў.

2022-жыл даўамын да Халық билимлендиримў бөлими
44 Шет тили пǝниниң оқытылыўын жǝнеде ен жайдырыў Президент сыйлығы ушын шет тиллери оқытыўшылары арасында “Ең жақсы мектеп” танлаўын өткериў;

 

2022-жыл Халық билимлендиримў бөлими
VII.  Жоқары оқыў орынлары менен бирге ислесиў бағдары
45. Райондағы  тәлим сыпаты пәс деп табылған мектеплерди қоллап қуўатлаў бойынша  “Мектеп – ЖОО – аймақлық қǝнигелигин арттырыў орайы -методикалық хызмет” биргеликтеги моделин шөлкемлестириў. 1. ЖОО ҳǝм мектеп бирге ислесиў шеңбериндеги ис-илажларды белгилеў ҳǝмде ҳǝр бир билимлендириў мекемеси басшысы 2022-жылға мөлшерленген “Жол картасы”н дузиў ҳǝм орынлаўға жибериў.

2. Қаладағы билим сыпаты пас ҳǝм педагоглар  таълим сифати ва педагоглар потенциалы төмен болған мектеплерди ЖОО, аймақлық қǝнигелигин асырыў орайы ҳǝм методика хызметлерине бириктириў ҳǝмде орынланыўын толық қадағалаўға алыў.

3. Профессор-оқытыўшылар тǝрепинен мектепте жумыс алып барып атырған пǝн оқытыўшыларының кǝсиплик қǝнигелигине анализ ислеў, анализ нǝтийжелерине тийкарында ҳǝр бир оқытыўшының индивидуал кǝсиплик раўажланыў дǝстурин силеп шығыў ҳǝм инновация формаларда олардың қǝнигелигин асырыў ҳǝм сыпат қурамын жақсылаўға қаратылған илажларды ǝмелге асырыў.

2022-жыл

март

 

 

 

 

2022-жыл

Апрель

 

 

 

 

 

2022-жыл

Апрель-май

 

 

 

 

 

Халық билимлендиримў бөлими
46. 2022-жылда улыўма билим бериў мектеплериниң питкериўшилериниң жоқары оқыў орынларына кириў көрсеткишин 35% ге жеткериў. 1. Қарақалпақстан Республикасындағы
9  жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшыларын Райондағы  улыўма орта билим бериў мектеплерине бириктирип, оқытыўшыларға үзликсиз методикалық хызмет көрсетиў жумысларын алып барыўда бирге ислесиўди жолға қойыў.2. Профессор оқытыўшылар қатнасында оқыў-семинарлар, ушырасыўлар ҳǝм илажларды турақлы турде шөлкемлестирген ҳалда бирге ислесиўди жолға қойыў.
2022-жыл

март

 

 

 

 

 

 

Турақлы турде

Халық билимлендиримў бөлими
VIII.  Улыўма билим бериў мектеплериниң материаллық техникалық базасын ҳǝм инфраструктурасын раўажландырыў бағдары
47. Улыўма билим бериў мектеплери, олардың инфраструктурасы ҳәм материаллық техникалық базасын беккемлеў бойынша илажлар режесин ислеп шығыў. 1.Аймақтағы мектеплердиң материаллық-техникалық базасы, үскенелениўи, инфраструктурасыни анализ етиў;

2. Ремонт талап, инфраструктурасы төмен болған мектеплерди анықлаў ;

3. Жергиликли бюджет қаржыларын жөнелтириў.

Бунда, мәмлекет бюджетинен берилетуғын пуллардан тысқары, жергиликли бюджет қаржыларының кеминде 30 пайызын ажыратыўды анықлыў.

2022-жыл
15-февраль
Халық билимлендиримў бөлими,

Қаржы бөлими

48 “Бәркәмал әўлад” балалар мектебиниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў 1. “Бәркәмал әўлад” балалар мектепби ҳәмде “Балалар китапханалари”ниң материаллық-техникалықа базасы жағдайын анализ қылыў;

Анализ тийкарында бул мәкемелерди қурыў, реконструктсия қылыў ҳәм капитал оңлаў ҳәмде үскенелеў бойынша жергиликли бюджет қаржыларын ажратылыўын тәмийинлеў.

2022-жыл
март-Апрель
Халық билимлендириў бөлими,

Қаржы бөлими

48.    “Баркамол авлод” болалар мактаблари моддий-техник базасини мустаҳкамлаш 1. “Баркамол авлод” болалар мактаблари ҳамда “Болалар кутубхоналари”ни моддий-техника базаси ҳолатини таҳлил қилиш;

Таҳлил асосида ушбу муассасаларни қуриш, реконструкция қилиш ва мукаммал таъмирлаш ҳамда жиҳозлаш бўйича маҳаллий бюджет маблағларини ажратилишини таъминлаш.

 

2022 йил
март-апрель
Қорақалпоғистон Республикаси Халқ таълими вазирлиги,

Молия вазирлиги, туман, шаҳар ҳокимлари

49. 2022 жылда Инвеститсия программасы шеңберинде жәми 1 мектепте қурылыс -ремонтлаў ҳәм де толық үскенелеў жумысларын әмелге асырыў        1. 1 жетилискен ремонтлаў жумыслары әмелге асырилатуғын мектепте жойбар -смета ҳүжжетлерин таярлаў, кесип алып ислеў шөлкемлерди бириктириў ҳәм өз мүддетинде пайдаланыўға тапсырыў ;

қурылыс -ремонтлаў жумыслары пыткен мәкемелерди мебел үскенелерине болған мүтажликлерин үйренип мәнзилли дизим қәлиплестириў ҳәм жайларға толық жеткезилишини тәмийинлеў.

Августь –сентябрь

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

Республика бюджети

 

 

 

 

 

 

Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги, аймақлық “Инжиниринг компанияси” ҳәм

Район ҳәкимлиги

50. Райондағы мектеплердеги ремонт талап хәжетханаларын заманагөй түске келтириў 1. Хәжетханалары ремонт талап жағдайға келип қалған мектеплердиң толық дизимин қәлиплестириў

2. Қаржы ажыратылыўы ҳәм қурылыс ремонтлаў жумысларын әмелге асырыў илажларын көриў

2022-2023 жыллар даўамында Жойбар -смета ҳүжжетлерине көре Жергиликли бюджет ҳәм қәўендерлик қаржылары есабынан Халық билимлендириў бөлими,

Қаржы бөлими

51. Аймақтағы әтирапы оралмаған мектеплерди аймағын ораў илажларын көриў 1. Аймақтағы әтирапы оралмаған мектеплердиң дизимин қәлиплестириў.

2. Бул жумыслар ушын қаржы ажратыў ҳәм қурылыс ремонтлаў жумысларын әмелге асырыў илажларын көриў

2022-2023 жыллар даўамында Жойбар смета ҳүжжетлерине көре. Жергиликли бюджет ҳәм қәўендерлик қаржылары есабынан Халық билимлендириў бөлими,

Қаржы бөлими

IX.  Атқарыў тǝртибин беккемлеў бағдарында
52. Атқарыў тәртибин турақлы түрде беккемлеп барыў ҳәм усы бағдардағы жуўапкер хызметкерлердиң қәнигелигин асырып барыў. 1. Халық билимлендириў министрлиги ҳәм де жоқары турыўшы шөлкемлердиң тапсырмаларын ўақтында ҳәм сапалы тәмийинлеў бойынша комплекс илажларды әмелге асырыў.

2. Халық билимлендириў системасында атқарыў тәртибин турақлы жолға қойыў мақсетинде билимлендириў мәкемелериндеги атқарыў тәрибине жуўапкер хызмекрлердиң аймақлык басқармада стажировкадан өтиўлерин шөлкемлестириўди жолға қойыў.

 

3. Атқарыў тәртибин қадағалаў бойынша системалы тәртип орнатыў ҳәм де бул бағдарға жуўапкер хызметкерлерге әмелий жәрдем бериў.

4. Халық билимлендириў бөлимлери жуўапкер хызметкерлер ҳәм билимлендириў мәкемелери басшылары ушын қысқа мүддетли билимин жетилистириў курсларын шөлкемлестириў.

2022-жыл

январь-декабрь

 

Халық билимлендириў бөлими

53. Нызамшылық хүжжетлери орынланыўын бақлаўда “doc.ijro.uz”системасы арқалы алып барылыўын тәмийинлеў. 1. Халық билимлендириў бөлими, ҳәм де билимлендириў мәкемелеринде “doc.ijro.uz” системасынан турақлы түрде пайдаланыўды бақлап барыў.

2.Шығыс хүжжетлерди “doc.ijro.uz” системасы арқалы әмелге асырыў

2022-жыл

январь-декабрь

 

Халық билимлендириў бөлими

54.  Физикалық ҳәм юридикалық шахслар мүрәжатларын район көлеминде пуқта ҳәм сапалы көрип шығыў, пуқаралардың арза ҳәм шағымларын унамлы тәртипте шешиў механизмлерин ислеп шығыў. 1. Пуқаралардың әўерешилигиниң алдын алыў ҳәм реал ўақыт режиминде мүрәжатлар үзликсиз қабыллаў ушын халық билимлендириў бөлими ҳәм де барлық билимлендириў мәкемелеринде арнаўлы (исеним) телефонларын енгизиў.

2. Электрон мүрәжатларды қабыллаў ушын телеграмм ботлар шөлкемлестириў.

3. Мүрәжатлар саны көп болған аймақларда сектор басшылары менен биргеликте “Көшпели қабыллаў”лар өткериў.

2022-Жыл

Март

 

 

 

2022-жыл

февраль

 

Ҳәр ай ҳәм ҳәр шеректе

 

 

 

 

 

 

 

 

 

Жергиликли бюджет қаржылар

 

 

 

Халық билимлендириў бөлими

55. ijro.gov.uz атқарыў тәртиби барлық мәкемелердеги бирден-бир электрон системасынан пайдаланыўды жолға қойыў. 1. Халық билимлендириў бөлими ҳәм де билимлендириў мәкемелеринде ijro.gov.uz системасын иске түсириў.

2.Атқарыў тәртибин барлық мәкемелердеги бирден-бир электрон системасындағы ҳүжжетлер қадағалаўын жолға қойыў.

2022-жыл

Апрель

 

 

турақлы түрде

Халық билимлендириў бөлими
X.  Халық билимлендириў бөлимлериниң жумысларын жетилистириў бағдары
56. Мектеплердиң инфраструктурасын жақсылаў, билимлендириў сапасын асырыўға қаратылған программасын тастыйықлаў ушын Республика Кеңесине киргизиў 1. Райондағы мектеплердиң материаллық-техникалық базасын жақсылаў, билим сапасын асырыў. 2022-жыл
15 март
Район ҳәкимлиги, Халық билимлендириў бөлими,

Қаржы бөлими

57. “Бәркәмал әўлад” балалар мектеплериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў. 1. “Бәркәмал әўлад” балалар мектебин мебел үскене, робототехника, компютер техникасы ҳәм тигиў машиналары менен тәмийинлеў.

2. “Бәркәмал әўлад” балалар мектеп имаратына қурылыс жумысларын алып барыў.

2022-2023 жыллар Жойбар ҳүжжетлери тийкарында

 

 

1, 4 млрд

Республика бюджет қаржылары есабынан Район ҳәкимлиги, Халық билимлендириў бөлими,

Қаржы бөлими

58. “Бәркәмал әўлад” балалар мектеплеринде оқыўшылар қамровини еки есеге асырыў. 1.Қарақалпақстан Республикасындағы барлық улыўма орта билим бериў мектеплеринде “Бәркамал әўлад” балалар мектеплериниң тармақ дөгереклерин шөлкемлестириў ушын штат бирликлерин ажыратыў.

2. Оқыўшылардың қайсы дөгереклерге қызығыўшылығы бойынша сораўнамалар өткериў;

3. Улыўма орта билим бериў мектеплеринде “Бәркамал әўлад” балалар мектеплериниң тармақ дөгереклерин

 

2022-2023 жыллар Тастыйықланған график тийкарында Жергиликли бюджет қаржылары есабынан Халық билимлендириў бөлими,

Қаржы бөлими

XI.  Аймақта халық билимлендириу системасы мүлкинен нәтийжели пайдаланыў ҳәм мәмлекет-жеке шериклик тийкарында раўажландырыў
59. Мектептиң асханаларынан нәтийжели пайдаланыўды жолға қойыў. 1. Мектеплердиң асханаларын толық хатлаўдан өткериў.

2. Хатлаў тийкарында мүтәжлиги зәрүр мектеп асханаларын заманагөй буйымлар менен тәмийинлеў ушын исбилермен менен шериклик шәртнамалар дүзиў илажларын көриў.

3. Мектеп асханаларының санитария жағдайын жақсылаў.

2022-жыл жаўамында Халық билимлендириў бөлими,

Қаржы бөлими

XII.  Улыўма билим бериў мәкемелериниң финанслық турақлылығынды тәмийинлеў
60. Улыўма билим бериў мектеплериниң бюджеттен тысқары қаржы тусимлерин асырыў. 1. Мектептиң бос турған аймағына ямаса әмелдеги спорт майданына исбилерменлерди тартқан ҳалда заманагөй спорт майданы қурыў ҳәм ижара шәртнама арқалы мектеп фонды қаржларын асырыў;

2. Бос турған жер ҳәм имаратлардан нәтийжели пайдаланыў мақсетинде исбилерменлерге мәмлекет-жеке шерикшилик тийкарында бериў

3. Мектеп оқыўшылары ҳәмде ата-аналары ортасында қосымша дөгереклер шөлкемлестириў бойынша сораўнамалар өткериў ҳәм сол тийкарында дөгереклерди шөлкемлестириў.

4. Бюджеттен тысқары табылған қаржылар есабынан мектеп материаллық-техникалықа базасы ҳәм оқытыўшы, оқыўшыларды хошаметлеў.

2022-жыл

Март-май

Халық билимлендириў бөлими,

Қаржы бөлими

61 Районлық улыўма билим бериў мектеплериниң басланғыш класс оқыўшыларын бюджет қаржлары есабынан саламат аўқатландырыўды шөлкемлестириў.

 

 

 

 

 

1. Белгиленген усы тапсырмалардың атқарылыўын сапалы әмелге асырыў мақсетинде Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен Өзбекстан Республикасы Финанс министрлиги Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм район ҳәкимлиги менен биргеликте кейтеринг хызметин шөлкемлестирип, саламат аўқатлантырыў системасын шөлкемлестириў 2022-жыл апрель Район ҳәкимлиги, Халық билимлендириў бөлими,

Қаржы бөлими

XIII.  Хабар технологиялары ҳǝм коммуникацияларды енгизиўбағдары
62. Барлық улыўма билим бериў мектеплеринде информацион-коммуникация технологиялары инфраструктурасын жаратыў. 1. Барлық улыўма билим бериў мектеплеринде “Электрон кунделик” ҳәм “erp.maktab.uz” автоматластырылған информация системасын толық жумысқа түсириў ҳәм турақлы жумысшы жағдайын тәмийинлеп барыў.

2. Анықланған машқалалардың шешимин ўақытында бағытлы ис-режелер тийкарында әмелге асырып барыў.

3. Педагог кадрларға ҳәм оқыўшылардың ата-аналарына “Электрон күнделик” системасында жумыс, мағлыўматлар киргизиў ҳәм басқа мәселелер бойынша методикалық хызмет көрсетип барыў.

4. Барлық улыўма билим бериў мектеплеринде “Електрон күнделик” платформасынан пайдаланыўды жолға қойыў ҳәм системаның нәтийжели ислеўин турақлы бақлаў.

2022-жыл февраль-декабрь Халық билимлендириў бөлими
63. Информатика ҳәм информация технологиялары пәни муғаллимлерин программаластырыў тиллери бойынша тәжирийбесин асырыў. 1. Информатика ҳәм информация технологиялары пәни муғаллимлерин программаластырыў тиллери бойынша тәжирийбе асырыў жумысларын шөлкемлестириў 2022-жыл

Март-декабрь

Халық билимлендириў бөлими
  Улыўма билим бериў мектеплеринде ислеп атырған басшы лаўазымындағы кадрларды информация технологиялары ҳәм коммуникациялары бойынша билимин асырыў. 1. Улыўма билим бериў мектеплери басшы лаўазымындағы кадрларын халық билимлендириў системасында пайдаланылатуғын информация системалары ҳәм ресурсларынан (ERP, my.maktab.uz, kitob.uz ҳәм басқалар) пайдаланыў бойынша ҳәм де АКТ (Microsoft office, Id.gov.uz, SMM (facebook, Instagram, youtube), my.mehnat.uz, uzbekcoders.uz, Gmail почта, Google Docs, Google Drive, Google Form, google calendar) билимин асырыўға қаратылған оқыў программасы жойбарын ислеп шығыў ;

2. Оқыў программасы жойбарын тастыйықлаў, финанслық тәмийнлеў ҳәм енгизиў.

2022-жыл даўамында Халық билимлендириў бөлими
XIV.  Халық билимлендириў хызметкерлерин хошаметлеў бағдары
64. Жақсы нǝтийжелерге ерискен халық билимлендириў тараўындағы хызметкерлерди тармақ ҳǝм мǝмлекетлик сыйлықларға усыныў. 1. Билимлендириў мǝкемелеринде хызмет етип атырған сыйлықлаўға ылайық халық билимлендириў хызметкерлери дизимин қǝлиплестириў.

2. Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў минитрлигиниң тапсырмасына тийкар сыйлықлаўға ылайық халық билимлендириў хызметкерлери дизимин тǝртип тийкарында ҳүжжетлерин усыныў.

2022-жыл

февраль -март

Халық билимлендириў бөлими
65 Ҳар жылы мийнет дем алысына шыққан хызметкерди санатория ҳǝм саламатластырыў орайларына жибериўди шөлкемлестириў. 1. Бир жыл даўамында дем алысқа шығатуғын хызметкерлерди дем алыс ўақты көрсетилген дизимди қǝлиплестириў.

2. Кǝсиплик аўқамы менен биргеликте хызметкерди санатория ҳǝм саламатластырыў орайларына жибериўди шөлкемлестириў.

3. Жыл даўамында аймақтағы жǝми мектеп оқытыўшыларының 10 пайыздан кем болмаған бөлегин саламатластырыў илажларын көриў.

2022-жыл

даўамында

Шоманай районы билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы бөлимшеси кеңеси қарежетлери есабынан Халық билимлендириў бөлими,
Шоманай районы билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы бөлимшеси кеңеси
66 Халық билимлендириў хызметкерлери арасында “Заковат” интелектуал ойынын шөлкемлестириў. 1.Халық билимлендириў хызметкерлери арасында “Заковат” интелектуал ойынын өткериўди шөлкемлестириў

2 “Заковат” интелектуал ойыны жеңимпазларын бөлим тәрепинен хошаметлеўге усыныў.

2022-жыл

май

Халық билимлендириў бөлими

Skip to content