Усы жылдың 30-октбрь күни https://t.me/keleshek_kr телеграмм каналында «Мынау менимше пиядалар жолы салынажақ болып тур. Бул хақыйқаттан пиядалар ушынба ямаса көргизбе ушынба??» атамасында фото мүрәжат жолланған.
Бул мүрәжат бойынша Шоманай районы ҳәкимлигиниң рәсмий мүнәсибети.
Шоманай районы аймағындағы ишки жолларға пиядалары ҳәм велосипед жўриў жолларын қурыў режелестирилген еди. Сол мүнәсибет пенен район аймақларындағы аўыллық ҳәм қала ишиндеги ишки жоллардың жанынан пиядаларға ҳәм де велосипед айдаўшыларының қәўипсизлигин тәмийинлеў оларға жүриўи ушын шараят жаратып бериў сондай-ақ, қала ҳәм аўыллық жерлердиң абаданластырыў мақсетинде қурылмақта. Бул қурылыс жумыслары питирилип пайдаланыўға тапсырылғаннан соң қосымша мағлыўмат берилетуғынлығы мәлим етемиз.
Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети