Бүгин «Қарабайлы» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы «Бахром Илғор» фермер хожалығында семинар болып ѳтти.
Семинарда ғаўаша майданларын суўғарыўдан соң шүдигарлаў, азықлық ѳнимлерин, тѳгинлерин шербет усылында ямаса культиваторлап бериў ҳәм ғаўашаның артықша ѳсиўин ўақтында тоқтатыў бойынша түсиниклер берип ѳтилди.
Семинарға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары С.Хожаметов, Шоманай районы ҳәкими Б.Янгибаев ҳәм райондағы аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары баслықлары, фермер хожалықлар баслықлары қатнасты.
Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети