Шоманай районы «Айбүйир» мәкан пуқаралар жыйынында Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларын әмелге асырыў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы қарары орынланыўын тәмийнлеўге арналған көргизбели семинар шөлкемлестирилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Фархад Алламбергенов қатнасты.
Сондай-ақ, өткерилген илажда Шоманай районы ҳәкими Б.Янгибаев, Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы бас инженери Ю.Ерназаров, тийисли мәкеме-шөлкемлер баслықлары, тараў қәнигелери қатнасты.
Өткерилген көргизбели семинарда «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары шеӊберинде Шоманай районы аймағында абаданластырыў ҳәм оӊлаў жумысларын алып барыў, сондай-ақ, «Айбүйир» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында бағдарлама шеӊберинде әмелге асырылыўы тийис болған жумыслар бойынша кеӊ түрде сөз етилди.
Бағдарлама шеӊберинде аймақта пуқаралар турақ-жайлары әтирапында абаданластырыў жумысларын алып барыў, ишки хожалық жолларын оӊлаў, электр эенергиясы ҳәм газ тәмийнаты бойынша кеӊ көлемли көриктен өткериў ҳәм оӊлаў жумысларын жүргизиў режелестирилген.
Айтып өтиў орынлы, Шоманай районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен быйылғы жылда «Айбүйир» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жәми 4,6 км. ишки хожалық жолларында оӊлаў жумыслары алып барылыўы белгиленген болып, улыўма 10 көшеде тегислеў ҳәм ЩПС төсеў жумысларын жүргизиў режелестирилген. Бүгинги күнде 2,5 км. ишки жолда грунт жумыслары алып барылып, қум-щебень араласпасы төселди ҳәм тегисленди. Сондай-ақ, бағдарлама шеӊберинде район орайындағы «Таза базар» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы Әмир Темур көшесинде тегислеў жумысларын жүргизиў ҳәм күнделикли оӊлаў жумысларын алып барыў режелестирилген.
Илаж соӊында тийисли мәкеме-шөлкемлер тәрепинен алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды.
Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы