Múrájat ushın isenim telefonı

background

Халықты дизимге алыўда халық қандай ҳуқық ҳәм миннетлемелерге ийе

Халықты дизимге алыўда халық қандай ҳуқық ҳәм миннетлемелерге ийе

Халықты дизимге алыў сәнеси 2023-жыл 1-ноябрь саат 00:00 (халықты дизимге алыўдың анық ўақты) етип белгиленеди. Сораўнамаларға мағлыўматлар  халықты дизимге алыўдың анық ўақты бойынша киритиледи. Сораўнамаларды толтырыў дәўири 12 күн, яғный 11-22 ноябрь күнлери.

Халықты дизимге алыўдың анық ўақтынан кейин жүз берген процесслер туўрысындағы шахсқа тийисли мағлыўматларды жыйнаў әмелге асырылмайды. Мысалы, халықты дизимге алыўдың анық ўақтынан кейин туўылған балалар ушын сораўнамалар толтырылмайды, бирақ халықты дизимге алыўдың анық ўақтынан кейин дуньядан өткен шахслар ушын сораўнамалар толтырылады. Сораўнамалар дуньядан өткен шахстың шаңарақ ағзалары ямаса өзин-өзи басқарыў органларындағы мағлыўматлар базасы тийкарында толтырылады.

Халықты дизимге алыўды өткериўдиң тийкарғы усылы халық (респондентлер) ортасында сораў өткериў арқалы сораўнамаларды толтырыў есапланады. Сораў халықты дизимге алыў процесслерине ўақтынша жумысқа алынған хызметкерлер тәрепинен әмелге асырылады.

Сораўнамалар дизимге алыўшы хызметкерлер тәрепинен үйме-үй жүрген ҳалда, халық (респондент) жасайтуғын (ўақтынша жасайтуғын) ямаса жасаўы мүмкин болған турақ ямаса натурақ жайларға ҳәм респондентлер өз қәлеўи тийкарында стационар участкаларға келген ўақытлары толтырылады. 

“Халықты дизимге алыў туўрысында”ғы Өзбекстан Республикасының нызамына муўапық, респондентлер төмендегише ҳуқық ҳәм миннетлемелерге ийе:

өзиниң шахсқа тийисли мағлыўматлары не мақсетте жыйналып атырғанлығыны, бул мағлыўматлардан ким ҳәм қандай тәризде пайдаланылыўын билиў;

өзи ушын толтырылған дизимге алыў сораўнама бланкалары менен танысып шығыў, дизимге алыў сораўнамаларына киритилген шахсқа тийисли мағлыўматлардың толықлығы ҳәм исенимлигин анықластырыў;

дизимге алыўшы хызметкерлерден арнаўлы гуўалықты көрсетиўин талап қылыў,  арнаўлы гуўалығын көрсетиўден бас тартқан тәғдирде болса  — дизимге алыў сораўнама бланкаларындағы сораўларға жуўап бермеўи;

дизимге алыў сораўнама бланкасының формасына қарап шахсқа тийисли исенимли мағлыўматларды усыныў ҳуқықына ийе.

Респондентлер халықты дизимге алыўды өткериўге тосқынлық қылмаўы шәрт.

Skip to content