Шоманай районы «Мамый» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Ақылбек Даўлетов» фермер хожалығында ғаўаша майданларын тамшылап суўғарыў бойынша семинар өткерилди.
Семинарға Өзбекстан Республикасы Бас ўәзириниң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Ш.Ганиев, Өзбекстан Республикасы суў хожалығы Министри Ш.Хамраев, Шоманай районы ҳәкими Б.Янгибаев ҳәм тараўға тийисли қәнигелер қатнасты.
Семинар даўамында 20 га жер майданға 440 млн сўм қарежет жумсалыўды талап ететуғын үскенениң абзаллықлары, ҳәзирги суў тамтарыслық ўақытында суўды тежеўге қолайлылық жаратып қалмастан, бир ўақыттың өзинде азықлық минераллар менен азықландырыў имкәнин береди.
Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
@shomanay_rayon