Ассалаўма алейкум азиз жаслар!
Сизлерди, Сизлердиң тымсалыңызда пүткил халқымызды мәмлекетимиз бойлап байрамланып атырған 30-июнь «Жаслар күни» байрамы менен шын жүректен қутлықлайман.
Ҳәр қандай жәмийеттиң келешектеги раўажланыўы, оның өсип киятырған жас әўладқа болған мүнәсибети, оған көрсетилип атырған ғамхорлығына байланыслы.
Мине сондай қуўанышлы күнде ең дәслеп журтымызда соңғы ўақытлары жаслар менен ислеў бойынша пүткил жаңа система жаратылғаны,
ул-қызларымыздың социаллық белсендилиги, заманагөй, демократиялық Өзбекстан мәмлекетин қурыўда наўқыран әўладларымыздың мүнәсип қатнасып атырғанлығы ҳәммемизди қуўандырады.
Келешегимиз ийелери болған жасларымыздың нызамлы ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў, олардың арзыў-нийетлерин, қәбилетлерин жүзеге шығарыў, биз алып барып атырған мәмлекет сиясатының ең әҳмийетли бағдары болып, бул жолда үлкен жумысларды әмелге асырып атырғанымыз, әлбетте, бәршеңизге белгили.
Жасларға жаратылып берилген имкәниятлардан үнемли пайдаланған бир жасымыз “Мәрт оғлан” сыйлығына ийе болыўы, спортшыларымыздың Республикадағы ерисип атырған жеңислери, қәбилетли жасларымыздың өз ҳәзиллери менен қоңсы мәмлекетлер сақналарында районымыздың атын шығарыўы халқымыз ушын үлкен мақтаныш.
Бүгинги күнде жыл баынан баслап 250 жасқа 5 миллирялқа жақын жеңиллетилген кредитлер ажыратылды, 2546 жасқа 980 га жер майданлары ажыратылды, 347 жас турақлы ҳәм жәмийетлик жумысларға қамтып алынды, 147 жас исбилерменликке оқытылып арнаўлы сертификатлар берилди, 156 жас “1+1” бағдарламасы тийкарында тәжирийбели исбилерменлерге аталыққа бекитилди, 51 жас кәсип-өнерге оқытылды ҳәмде 198 жас өзин-өзи бәнт етти.
Жаслар жамғармасы есабынан 15 жасқа 12 500 000 (он еки миллион бес жүз мың) сўмлық бир мәртелик жәрдем пуллары берилди, 9 жасқа субсидия есабында 14 500 000 (он төрт миллион бес жүз мың) сўмлық өзин-өзи бәнт етиў ушын әсбаб үскенелер алып берилди.
Район ҳәкимлигинде Жаслар штабы шөлкемлестирилди ҳәм штаб ағзалары ҳар бир жастың усынысларын тыңлаўға ҳәм мүрәжетлерин орынлаўға ҳәрдайым таяр.
Әзиз жаслар!
Сиз, жаннан әзиз ул-қызларымыздан тек ғана бир илтимасымыз; ата-аналарыңыз, устаз-оқытыўшылары-ңыз, халқымыз сизлерден күтип атырған арзыў-үмитлерин әмелий жумыслар менен жүзеге шығарыў жолында ҳармай, шаршамай жумыс алып барыўыңызды, билим ҳәм өнер сырларын пуқта ийелеўиңизди сорап қаламыз.
Сизлердиң ҳәр бириңизге ел-журтымыз мақтанышы, Ўатанымыздың сүйикли перзенти, ҳақықый инсан болыў бахты несип етиўин тилеймен.
Сизлерди Жаслар күни байрамы менен және бир мәрте қутлықлайман, бәршеңизге жана табыслар, бахыт ҳәм әўмет тилеймен.
Ҳәмийше саў-аман болың!