Múrájat ushın isenim telefonı

background

ДЫҚҚАТ ДАҒАЗА!!!

ДЫҚҚАТ ДАҒАЗА!!!

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 21-апрель күнги “Жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зоналары жумысларын шѳлкемлестириў ҳәмде жаслардың исбилерменликке байланыслы басламаларын қоллап-қуўатлаў ис-илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-5088-санлы қарары тийкарында исбилерменлик пенен шуғылланыўды қәлеўши 18-30 жас аралығындағы жаслар ушын бир қатар имкәниятлар жаратылмақта.

Шоманай районы, «Мәденият» МПЖ аймағынан 33-санлы мектеп имәраты жанынан  “Жаслар киши санаат ҳәм исбилерменлик зонасы” шөлкемлестирилмекте.

Егерде Сиз, исбилерменлик пенен шуғылланыўды қәлесеңиз ҳәм ислеп шығарыў яки хызмет көрсетиў тараўларында бос жер орынлары зәрүр болса, Президентимиз тәрепинен берилип атырған бир қанша кең имкәниятлардан үнемли пайдаланған ҳалда, районымыздағы жаңадан шөлкемлестирилип атырған “Жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зонасы”нан жер орынларын бийпул алыў имкәниятына ийесиз.

– Кредитлер 7 жыл мүддетке;

– Миллий валютада жыллық 14%;

– Шет ел валютада жыллық 3%;

Буннан басқа да, салық ҳәм басқа төлемлерден 50% жеңилликлер жаратылады.

Қосымша мағлыўматларды алыў ушын Шоманай районы ҳәкимлиги-Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда бөлимине ҳәр күни саат 9:00 ден 18:00 аралығында мүрәжат етсеңиз болады.

Мағлыўмат ушын телефонлар:

(61)-346-11-49 (99)-954-71-79

Skip to content