Múrájat ushın isenim telefonı

background

От жара кеселлиги ҳәм оның алдын алыў илажлары

От жара кеселлиги ҳәм оның алдын алыў илажлары

От жара аса қəўипли жуқпалы кеселлик болып, оның менен адамлар ҳəм ҳайўанлар аўырады. Бул кеселлик бурыннан ҳəр қыйлы сибирь жарасы, сибирка, күйдирги, күйдирги карбункулы, жаман жара, илəҳий жалын, парсы жалыны, иран оты, антракс ҳ.т.б. атамалар менен белгили болған.

От жара менен көбинесе отхор ҳайўанлар, яғный қарамал, қой-ешки, жылқы, ешек, түйе, кийик, суўын кеселленеди, шошқа сийрек аўырады.

От жара кеселлиги қоздырыўшысы аўырған малдың қанына, барлық ағзаларына тарқалған болады ҳəм малдың дəрети, ажыралмалары арқалы көп муғдарда топыраққа, суўға, малқораға түседи. Өлим алдынан ҳәм өлгеннен соң аўырыў малдың аўзы-мурнынан от жара қоздырыўшысы менен толған қанлы суйықлық ажыралады. Мал өлиги сол жердиң топырағын патаслайды, ал ийтлер, жабайы ҳайўанлар ҳәм жыртқыш қуслар оның бөлеклерин узақ жақларға тасып кеселлик қоздырыўшысын тарқатады.

Сыртқы орталыққа түскен от жара микробы жүдə шыдамлы спора менен қапланады. Споралы микроблар қыстың қақаман суўығында, жаздың əбден ыссысында да жасаў қəбилетин сақлайды, ҳəттеки қайнатылғанда бир саатқа шекем шыдаўы мүмкин. От жара қоздырыўшысы споралары топырақта 60-70 жылдан бир əсирден аслам ўақытқа шекем, ал аўырыўдан өлген ҳайўанлардың терисинде, жүнинде бир неше жыллар даўамында сақланады. Бундай жерлер халық арасында «ғарғыс кеткен жайлаўлар» деп аталған. От жара кеселлиги шыққан жерде бир неше онлаған жылларға шекем кеселлик келип шығыў қәўпи болады.

Ҳайўанлар от жара қоздырыўшыларының споралары менен патасланған от-шөплерди жегенде, суў ишкенде кеселликти өзине жуқтырады. 1-3 күннен соң кеселлик раўажланып, ҳайўанның қарны иседи, иши қатады, соңынан қан аралас өтеди, ыссылығы көтериледи. Сидигинде, сүтинде қан пайда болады ҳәм әдетте 2-3 күнде мал өледи. Егер малға кеселлик тери арқалы жуқса жеңилирек өтиўи ҳәм мал саўалыўы мүмкин. Кеселликтиң “шахмақ сыяқлы” түринде қарамал бир неше саат, қой бир неше минут-ақ аўырыўы мүмкин. Бунда сырттан қарағанда сап-саў қой бирден жоқары секирип, жерге өлип түседи.

Адамларға от жара менен аўырған ямаса өлген ҳайўанды күтип-қараў, көмиў, оның жүнин, терисин услаў, сойыў, терисин шылыў, гөшин пуштарлаў, ишек-қарын, бас-сыйрағын тазалаў пайытында, айырым жәнликлер шаққанда, топырақ-ылай менен жумыс ислегенде кеселлик шақырыўшы микроблар адам терисиниң яки силекей қабатының ҳәттеки көзге көринбейтуғын қыршылған, тырналған жери арқалы жуғады. Кеселлик адамларда көбинше тери түринде жүз береди. Шийки яки шала пискен гөшти жеў ямаса ҳаўа арқалы жуққанда раўажланатуғын ишек яки өкпе түри аўыр ақыбетлерге алып келиўи мүмкин.

От жара кеселлигиниң жасырын дəўири 2-14 күн, орташа 2-3 күн даўам етеди. Соңынан дене ыссылығы көтерилиўи, ҳəлсизлик, бас аўырыўы бақланады. 

Кеселликтиң тери түринде денениң ашық жерлеринде дəслеп жəнлик шаққандай қызғыш реңли, қышыйтуғын түйин пайда болыўы, кейин ол иши суйықлық пенен толған торсыққа айланыўы, соңынан олар жарылып əтирапы исик, аўырыўсыз жараға айланыўы ҳəм қара қабыршақ пенен қапланыўы жүз береди. Тери түри жеңиллеў өткени менен наўқас өз ўақтында емленбесе қанға өтиў менен асқынласыўы нәтийжесинде өлим жағдайы жүз бериўи итимал.  

Ишек түринде кеўил айныў, қусыў, қан аралас қусыў, иш өтиў, қарын аўырыўы, ҳушын жоғалтыў сыяқлы белгилер пайда болыўы мүмкин.

Өкпе түринде дене ысытпасы, бас аўырыў, булшық етлердиң аўырыўы, тумаўға уқсаған белгилер, улыўма зəҳəрлениў белгилери, дем жетиспеўи, жөтел, қанлы көбикли қақырық ажыралыўы гүзетиледи. Ўақтында анықланып, емленбеген жағдайларда бул кеселликтиң ақыбети наўқастың өлими менен тамамланыўы мүмкин.

Кеселликтиң алдын алыў

Кеселликтиң алдын алыў ушын ҳайўанлар арасында кеселликти жоқ етиў керек. Егер мал аўырмаса адам аўырмайды. Усы мақсетте маллар ҳәр жылы от жара кеселлигине қарсы шаншылыўы тийис.

Бизиң халқымыз арасында тарқалған бир иллет мал кеселленип аўыр аўҳалға түскен жағдайда оны «ҳарам өлтирмей, ҳадаллап алыў», гөшин пуллап яки садақа ретинде тарқатыў кең тарқалған. Усының нәтийжесинде малды сойыўға қатнасқан, шийки гөшин туўраған адамлар арасында кеселлениўшилик жағдайлары ушырап турады. Аўырған яки өлим ҳалатындағы малды сойыў пүткиллей қадаған етилген.

Мал аўырса ветеринария хызметкерине көрсетиў зəрүр. Ветеринария хызметкериниң рухсатысыз аўырған малды сойыў, оның гөшин жеў, жүнин, терисин сатыў қадаған етиледи. Ветеринар малды көзден өткерип, лабораториялық анализлерин алыўы ҳәм тексертиўи керек. Айырым ўақытлары ветеринарлық санитария экспертизасы жуўмағы менен малды сойыўға рухсат етилиўи мүмкин, бирақ от жара, қутырыў ҳ.т.б. кеселликлерге шалынған малды сойыў қатаң қадаған етиледи.

Аўырыў малды ветеринар қәнигениң рухсатысыз сойыў, гөшин, гөш өнимлерин, терисин, жүнин сатыў, тарқатыўда айыпланған адам жынайый жуўапкершиликке тартылатуғынлығын билиў шәрт.

От жарадан өлген мал тек өртеў жолы менен жоқ қылынады, оны жерге көмиў қатаң қадаған етилген. Малдың дәриси, астына төселген сабан, шөп қалдықлары, жумсалған қурал-сайманлар өртеп жибериледи. Соңғы 2 ҳәпте даўамында аўырыў мал менен бир қорада, жайлаўда, суўғарыўда болған маллар басқаларынан бөлекленеди. Сол аймақта карантин жәрияланып, дезинфекция жумыслары өткериледи. Малларды алып шығыў, киргизиў, гөш ҳәм сүт өнимлерин сыртқа шығарыў мүмкин емес. От жараға қарсы шаншылмаған маллар болса дәрҳал шаншыў керек.

Маллар ветеринария врачы тəрепинен көзден өткерилип, саллақханаларда, арнаўлы сойыў майданшаларында, қорғаныў кийимлерин кийген ҳалда сойылыўы зəрүр.

Гөштиң түри, реңи ҳәм ийисине қарап аўырыў яки саў малдың гөши екенин айырыў имкәнияты жоқ. Сонлықтан гөшти тек ветеринария-санитариялық экспертизадан өткерилип сатылатуғын жерден алыў керек. Таяр фарш сатып алыўға болмайды. Қарыйдардың көз алдында гөш майдалағыштан өткерилиўи тийис. Ишек-қарынды суўытқыш жоқ жерде тек саат 10:00ға, суўытқышта туратуғын жерде тек 12:00ге шекем сатып алыў мүмкин.

Белгисиз адамлар сатып атырған яки қай жерде сойылғаны белгисиз малдың «деңгене гөшин» арзан баҳасына ямаса қарызға берилетуғынлығына қызығып сатып алыў қəўипли екенин умытпаўымыз керек.

Суўытқышта гөш басқа өнимлерден бөлек сақланыўы тийис. Музлатылған гөшти тек бир мәрте еритиўге болады, қайта-қайта еритип музлатыў гөш сапасын түсиреди.

Шийки гөш ушын асханада арнаўлы тахта, пышақ болыўы, олар таза ҳәм бөлек сақланыўы тийис. Шийки гөш ҳәм гөш өнимлерин аўқат писириўге таярлаў ўақтында қолқап кийиўге әдетлениўимиз зәрүр.

Писпеген гөш, фаршты дәмин, дузын татып көриў қадаған етиледи. Тек жақсы писирилген, қуўырылған гөшти жесек ғана жуқпалы ҳәм паразит кеселликлеринен өзимизди ҳәм шаңарақ ағзаларымызды қорғай аламыз.

Шоманай районы санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлими эпидемиолог врачы А.Кудайбергенов

Skip to content