Múrájat ushın isenim telefonı

background

Шоманай районы 3-сектор аймағында «Жаслар күни» байрамына арнап Гала концерт ѳткерилди

Шоманай районы 3-сектор аймағында «Жаслар күни» байрамына арнап Гала концерт ѳткерилди

Усы жылдың 26-июнь күни Шоманай районы Ишки ислер бөлими баслығы басламасы менен 3-сектор аймағындағы «Бегжап» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында 30-июнь «Жаслар күни» байрамы мүнәсибети менен «Гала концерт» шөлкемлестирилди.

Байрам салтанатын Шоманай районы Ишки ислер бөлими баслығы, 3-сектор баслығы, подполковник Полат  Искендеров ашып берди ҳәм жасларды байрам менен қутлықлады. 3-сектор аймағында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўда, жаслардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириўде, Жаслар дәптерине дизимге алынған жаслар менен турақлы ислесиўде ҳәм жәмийетлик жумысларда белсене қатнасып жүрген жаслар жетекшилери Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикалық басқармасы баслығы, сенатор А.Данияров ҳәм районлық ишки ислер бөлиминиң арнаўлы ҳүрмет жарлықлары ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Илаж даўамында районлық Мәденият бѳлиминиң ҳәм Қарақалпақ кѳркем-ѳнер ғайраткерлериниң концерт бағдарламасы ҳәм байрам соңында жаслар ушын арналған салют шоў тамашалары жыйналғанларға өзгеше кѳтериңки байрам кейпиятын инәм ете алды.

Байрам илажлары районымыз бойлап еледе даўам етеди.

Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

Skip to content