30-июнь жаслар күнин Шоманай районында мүнәсип белгилеў ҳәм жас қәбилет ийелерин излеп табыў, олардың қәбилетин жүзеге шығарыў мақсетинде Өзбекстан Жаслар ислери агентлиги районлық бөлими, Жаслар аўқамы районлық Кеңеси ҳәм Мәденият бөлими тәрепинен 25-июнь күни “Шоманай ЭКО ПАРК” дем алыў бағында “Жас гитарашылар” таңлаўы өткерилди.
Таңлаўға тек ғана Шоманай районынан емес қоңсылас Қанлыкөл, Хожели районларынан да 30 жасқа шекемги болған жас қәбилет ийелери қатнасты.
Ҳақыйқый байрамға сай өткен таңлаў жуўмағында 1-орынды Қанлыкөлши жас гитарис Досмырза Хожабеков, 2-орынды Шоманайлы жас гитарист Жамшид Қайпов ҳәм 3-орынды Шоманайлы жас гитарист Азизбек Жақсымуратовлар ийеледи. Жас қәбилет ийелери Аббаз Жумабаев ҳәм Бахтияр Қошмуратовлар да саз даўыслары менен таңлаўдың финал баскышында мүнәсип қатнасты.
Жеңимпаз болған жаслар ҳәмде белсене қатнасқанлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды. Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.