Múrájat ushın isenim telefonı

background

Баспасѳз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни мүнәсибети менен ушырасыў ѳткерилди

Баспасѳз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни мүнәсибети менен ушырасыў ѳткерилди

Усы жылдың 25-июнь күни Шоманай районлық мәденият бѳлими ҳәм Шоманай районлық мәлимлеме китапхана орайы менен биргеликте 27-июнь  “Баспасѳз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни” мүнәсибети менен “Ел пидәйилери” атамасындағы ушырасыў кешеси болып ѳтти.  

Ушырасыў кешесинде «Шоманай нуры» газетасында ислеген мийнет нураныйлери Қ.Наўрызов, М.Ѳтемуратов ҳәм газетаның бас редакторы М.Байдуллаевалар мийманда болды. Мийманлар ѳзлериниң басып ѳткен мийнет жолы ҳаққында кеңнен айтып ѳтти ҳәм мектеп оқыўшылары ѳзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды. Соңынан, мәденият хызметкерлери концерт бағдарламасын мийманларымызға ҳәм мектеп оқыўшыларына инәм етти.

Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

@shomanay_rayon

Skip to content