Ҳәзирги күнде нәшебентлик, пүткил дүнья еллеринде глобал машқалалардың бири есапланады. Мәмлекетимизде нәшебентликке қарсы гүресте кең кѳлемли үгит-нәсият ислери алып барылмақта. Ең баслысы саламат турмыс тәризин үгит-насият қылыў жолында кѳплеген ислер әмелге асырылмақта.
Нәшебентликке қарсы гүресте нәшебентлик затларының нызамға қайшы саўдасына шек қойыў тийкарғы ўазыйпалардан бири есапланады. Сол бағдарда нәшебентликтиң алдын алыўда телевидине, радио, интернет социаллық тармақлары арқалы ҳәмде оқыў орынлары, мәкемелерде пуқаралар арасында үгит-нәсият жумысларынан кең пайдаланылмақта. Трансмиллий нәшебентлик затлар саўдасына қарсы гүресте мәмлекетимизде халықара ҳуқықты қорғаў шѳлкемлери менен биргеликте бир қанша ислер әмелге асырылмақта.
Сондай-ақ, судлар тәрепиненде нәшебентликке қарсы гүресте әмелий жумыслар алып барылмақта, атап айтқанда нәшебентлик пенен байланыслы кѳрилген жынаят ислерин ғалаба хабар қуралларында кеңнен жарытылмақта ҳәмде пуқаралар жыйынлары, билим бериў мәкемелеринде жаслар арасында пуқараларға, нәшебентликтиң аўыр ақыбетлери сондай-ақ, нәшебентлик саўдасы менен байланыслы жынаятларға қол урған пуқараларға нызамда белгиленген жаза шаралары ҳаққында кеңнен түсиниклер берилип келинбекте.
Нәшебентлик тек ғана усы иллет пенен шуғулланыўшыларға ғана емес, бәлки путкил жәмийетке қәўип салады. Соның ушында 26 июнь халқаралық нәшебентликке қарсы гүрес күни сыпатында белгиленип келинеди.
Инсан ѳмири, жас әўладлар келешегине қәўип салыўы мүмкин болған нәшебентликке қарсы гүресиў ғәрезсиз журтымыздың ҳәр-бир пуқарасының ўазыйпасы есапланады.
Себеби, жәмийетимизде ҳәр қандай зыянлы иллетлерди жоқ қылыў ҳәм оның алдын алыў ҳәр биримиздиң миннетли ўазыйпамыз есапланады.
Жынаят ислери бойынша
Елликқала район суды баслығы О.Ж.Маўленов