Елимизде күнлер ысыўы менен адамлар салқын дем алыў орынларына яки суў ҳәўизлерине барыўы артып барады. Соны менен биргеликте жасалма көл, дарья ҳәм каналларда дем алыў ҳәм тағы басқа күнделикли хызметлер ушын киши көлемли кемелерден маторлы кемелер, гидроцикллерден пайдаланып киятырған кеме айдаўшылары яки техник хызметкерлери киши көлемли кемелерден яки гидроциклден пайдаланыў бойынша қәўипсизлик талапларын жақсы билиўине қарамастан пуқаралардыӊ ҳәм өзлериниӊ өмирине қәўип туўғызбақта.
Қарақалпақстан Республикасы Шоманай районы Айрықша жағдайлар бѳлими киши көлемли кемелерден төмендеги жағдайларда қолланыў мүмкин емеслигин ескертеди:
– дем алыў орынларында, лагер яки санаторияларда киши көлемли кемелерден пайдаланыўдан алдын оны өз ўақтында жыллық техник көрикден өткенлиги ҳақкында кеме билети болмағанда;
-кемеде қутқарыў әсбаплары болмаған яғный қутқарыў жилет, фанар, қутқарыў балоны , от өширгиш әсбабы (огнетушитель), кеме бортында ескеклер топламы , ескеклер қулақлары болмаған, рухсатсыз басқа қурылмалар менен үскенеленгенде;
-кемениӊ жүк көтериў қәбилетинен көбирек жүк артыўына жол қоймаслық ҳәм кемениӊ ишки тәрепиндеги қаптал тахталарында жүк көтериў қәбилети ҳәм жолаўшы тасыў сыйымлығы жазылмаған болса, кемеде ҳәрекетленбеӊ;
-ўақтыншалық яки турақлы турде жүзиў қадаған етилген аймақларға рухсатсыз кириў яки қадаған етилген орынларда билетура тоқтаў, пляжларларда басқа шомылыў орынларында ҳәм адамлар көп дем алатуғын орынларда ҳәрекет қылыў, пляж шегаралары ҳәм адамлар шомылатуғын орынларға суў мотоцикллеринде 150 метр аралыққа шекем жақынласыў , жүзиўши навигация белгилери, жүк ҳәм жолаўшы түсириў орынлары , көпир астында тоқтаў, басқа суў кемелерине кесент бериў;
-киши көлемли кемелерде 12 жасқа шекемги болған балаларды қутқарыў жилетлерисиз ҳәм үлкен адамлар бақлаўысыз алып жүриў, белгиленген суў шегара аймақларын ҳәм жүзиў қағыйдаларын бузған ҳалда , алкаголли ишимликлер, наркотик затлар қабыл қылып мәс ҳалда болған шахсқа кеме басқарыўын бериў;
– ҳәрекет ўақтында бир кемеден басқа кемеге өтиў, кеме бортында отырыў, кемени силкитиў, жанылғы қуйыўда өрт қаўипсизлигине әмел қылмаслық, борттан сыртқа шығындыларды ҳтб таслаў, нефт өнимлерин төгиў , авария- қутқарыў жумыслары алып барылып атырған орынларда , көпир, каналларда кемелерди қуўып өтиў думан ўақтында ҳәм басқа қолайсыз ҳаўа–райы шараятларында ҳәрекет қылыўда қатаң түрде ескертиледи.
Және сизге соны айтып өтпекшимиз барлық түрдеги кемелер ҳәм гидроцикл (суў мотоцикли) пайдаланыўда қәнийгеси менен бирге ҳәрекет қылыўыңызды өтиниш етип қаламыз усы ҳәрекетиӊиз арқалы өзиниздиӊ ҳәм жақынларыныздыӊ өмирин сақлап қалған боласыз.
Шоманай районы АЖБ АЖМТ ҳәм ПҚ бөлимшесы баслығы
лейтенант Ш.А.Нарбаев
Дерек-KRuz.uz