Múrájat ushın isenim telefonı

background

Шоманайлы мектеп питкериўшилерине алтын ҳәм гүмис медаллар тапсырылды

Шоманайлы мектеп питкериўшилерине алтын ҳәм гүмис медаллар тапсырылды

Усы жылдың 22-июнь сәнесинде Шоманай районы ҳәкимлиги мәжилислер залында мектеп питкериўшилери менен ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўға сектор басшылары, ҳәким орынбасарлары, улыўма билим бериў мектеплери  питкериўшилери, олардың ата-аналары ҳәм устазлары қатнасты.

Ушырасыўда районлық Халық билимлендириў бөлими баслығы Ѳ.Султамуратов 2020-2021-оқыў жылында билимлендириў тараўында ерисилген жетискенликлерди айтып өтиў менен бир қатарда жақсы жетискенликке ерисип киятырған оқыўшылардың ата-аналарына ҳәм устазларына миннетдаршылық билдирди.

Ушырасыў соңында сектор басшылары тәрепинен Халық билимлендириў бөлимине қараслы 1-санлы мектеп питкериўшилери Алламжаров Расберген Шымберген улы ҳәм Аблезова Бибихан Жаңабай қызы, 7-санлы мектеп питкериўшиси Хожабаева Шахноза Баҳадир қызы ҳәм 24-санлы мектеп питкериўшиси Калханова Айнура Орынбаевналарға “Алтын медаль”, 7-санлы мектеп питкериўшиси Мухаммедразова Арзыгүл Саламат қызы, 16-санлы мектеп питкериўшилери Гайыпбергенова Шахноза Бекберген қызы ҳәм Галиакберов Марат Илдаровичларға “Гүмис медаль” лары тапсырылды.

Мағлыўмат ушын: 2020-2021-оқыў жылында Шоманай районында жәми 531 оқыўшы (соннан 257 қыз бала) улыўма билим бериў мектеплерин питкерип атырған болса, соннан 509 оқыўшы Республикамыздың жоқары оқыў орынларына, 7 оқыўшы техникумларға, 3 оқыўшы кәсип-өнер коллежлерине, 1 оқыўшы ѳз қызығыўшылығы бойынша жумыс ислеўге, 1 оқыўшы исбилерменлик пенен шуғылланыўға ҳәм 10 оқыўшы сырт мәмлекетлердиң жоқары оқыў орынларына тапсырыў усынысларын билдирген.

Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети. @shomanay_rayon

Skip to content