2021-жыл 18-июнь куни Шоманай районы “Тазабазар” мәкан пуқаралар жыйынында Қоңырат районлар аралық экономикалық суды судьясы Д.Давлетов тәрепинен жыйналыс шөлкемлестирилди.
Жыйналыста Судлар искерлигине енгизилген мәлимлеме коммуникация технологиялары мазмун-мәниси ҳаққында төмендегише түсиндириўлер берип өтилди:
2021-жыл 1-январьдан баслап судларда суд мәжлислерин ис бойынша тәреплердиң илтимаснамасы ҳәм басшылық қылыўшының разылығы менен аудиожазыўдан пайдаланған ҳалда жазып барыў ҳәмде суд мәжлислери баянламаларын усы системадан пайдаланған ҳалда қәлиплестириў жолға қойылды.
Сондай-ақ:
2021-жыл 1-июльдан баслап апелляция ҳәм кассация инстанциясы судларында ислерди судьялар ортасында автоматласқан түрде бөлистириў;
2021-жыл 1-октябрьдан баслап барлық қатнасыўшыларды суд мәжлислериниң ўақты ҳәм орны ҳаққында “SMS” хабар арқалы төлемсиз хабарландырыў;
2022-жыл 1-январьдан баслап суд қарарларын ис бойынша тәреплерге онлайн тәризинде, олардың илтимаснамасы бойынша болса қағаз формасында усыныў;
2022-жыл 1-июльға шекем суд ҳәкимияты органлары жумысында, сол қатарда, пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлерине әдил судлаўға ерисиўде қолайлық жаратыў мақсетинде 10 ға жақын интерактив хызметлер көрсетиўди жолға қойыў;
2023-жыл 1-январьдан баслап суд ислерин мәмлекетлик архивке электрон формада тапсырыў ҳәм қабыллаў;
судлар, Судьялар жоқарғы кеңеси ҳәмде Судьялар жоқарғы мектебинде ахборот-коммуникация технологиялары инфраструктурасын жәнеде жақсылаў бойынша жумыслар реже тийкарында, басқышпа-басқыш жолға қойылыўы нәзерде тутылған
Жыйналыс соңында жыйналыс қатнасыўшылар өзлериниң қызықтырған сораўларына тийисли жуўаплар алды.
Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети