Жынаят ислери бойынша Шоманай районы судының 2021-жыл 26-январь күнги хүкимине көре, Н.Е. өз басқарыўындағы «Кобальт» маркалы, автомашинасын исеним хаты тийкарында басқарып баратырып, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2015-жыл 24-декабрь күнги 370-санлы Қарары менен тастыйықланған 2016-жыл 1-март күнинен әмелге киритилген Жол ҳәрекети қағыйдасының 11-бәнти «г» бөлими, яғный транспорт қуралының айдаўшысы ҳәрекет етиў барысында пиядалар, әсиресе, балалар, майыплар, қартайған адамларға ҳәм велосипедшилерге абайлы болыў шараларын көриўи, 77-бәнти 3-бөлими,яғный ҳәрекетлениў ўақтында айдаўшы анықлай алыў имканиятында болған қәўип ямаса тосық пайда болса, ол транспорт қуралының тезлигин толық тоқтаўын тәмийинлейтуғын дәрежеде кемейтириў ямаса тосықты айланып өтиў шараларын көриўи керек деп көрсетилген бәнтлери талапларына әмел етпестен, усы жолды қубладан арқа тәрепке қарап, кесип өтип баратырған пуқара П.У. қағып алып, жол транспорт ҳәдийсесин садыр еткен.
Нәтийжеде, марҳум П.У суд-медициналық экспертизасының жуўмағына көре инсан өмири ушын кәўипли болған АЎЫР дәрежедеги дене жарақатын алып, жол-транспорт ҳәдийсеси нәтийжесинде алған дене жарақатлары ақыбетинде қайтыс болған.
Суд тәрепинен жынаят иси ҳәр-тәреплеме үйренилип шығып, судланыўшы, жәбирлениўшиниң ўәкилиниң көрсетпелери еситип, жынаят иси ҳүжжетлери үйренилип шығылып, садир еткен жынаяты өз шешимин тапты.
Судланыўшы Н.Е. Өзбекстан Республикасы жынаят кодексиниң 266-статьясы 2-бөлими менен ЖК 45-статьясын қолланып, 3 жыл мүддетке транспорт қуралларын басқарыў ҳуқықынан айырыў менен, ЖК 57-статьясын қолланып ҳәр ай сайын айлық ис ҳакысының
20% мәмлекет пайдасына услап турыў жолы арқалы 3 (үш) жыл мүддетке дүзетиў иси жазасы тайынланған.
Жынаят ислери бойынша
Шоманай районы
суды баслығы Назаров Расул