Múrájat ushın isenim telefonı

background

Билимдан жаслар анықланды

Билимдан жаслар анықланды

Жаслар ислери агентлиги Шоманай районлық бөлими тәрепинен жаслардың билим дәрежесин асырыў ҳәм китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў мақсетинде Жаслар айлығы шеңберинде усы жылдың 21-июнь күни Шоманай районында “Билимданлар аренасы” интеллектуал ойынлары өткерилди. Таңлаўға аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларындағы белсенди жаслар қатнасып, ѳз билимлерин сынақтан өткерди.

Таңлаў даўамында 2021-жыл январь айында старт алған “Билимданлар” интеллектуал ойынлары Шоманай районы бириншилигиниң жоқары ҳәм жаслар лигалары жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими өткерилди. Сондай-ақ көп жыллардан берли интеллектуал таңлаўларға турақлы түрде қатнасып жүрген жасы үлкен қатнасыўшылар ҳәм билимли жасларға “Билимданлар” интеллектуал ойынлары Шоманай районы бириншилигиниң “магистр” ҳәмде “доктор” дәрежелери берилди.

Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.

Skip to content