Múrájat ushın isenim telefonı

background

Шоманай районында Жаслар айлығы шеңберинде спорт жарысы өткерилди

Шоманай районында Жаслар айлығы шеңберинде спорт жарысы өткерилди

Жасларды спортқа ғалабалық қамтып алыў ҳәм саламат турмыс тәризин қәлиплестириў мақсетинде Шоманай районы аймағындағы мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлердеги жаслар ортасында спорттың киши футбол түринен «Жаслар кубогы» ушын район биринилиги өткерилди.

Үш күн даўам еткен спорт жарысына 24 командадан 300 ге жақын жаслар қамтып алынды. Ойынлар жуўмағына көре 1-орынды Балалар өспиримлер спорт мектеби командасы, 2-орынды АКБ Халқ банк командасы хәм 3-орынды Мәмлекетлик салық инспекциясы командалары ийеледи.

Жеңимпаз командалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен мүнәсип сыйлықланды.

Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

@shomanay_rayon

Skip to content