Múrájat ushın isenim telefonı

background

“Жас китапқумар шаңарақ” таңлаўының Шоманай районлық басқышы өткерилди

“Жас китапқумар шаңарақ” таңлаўының Шоманай районлық басқышы өткерилди

Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң отыз жыллығы мүнәсибети менен июнь айы даўамында “Жаңа Өзбекстан жаслары бирлесейик!” ураны астында “Жаслар айлығы” өткерилиўи белгиленген. Жаслар айлығы шеңберинде жас шаңарақлар арасында китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў ҳәм де жаслардың билимлерин сынақтан өткериў мақсетинде Жаслар ислери агентлиги Шоманай районлық бөлими ҳәм де районлық Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими менен биргеликте, 19-июнь күни Шоманай районында “Жас китапқумар шаңарақ” таңлаўының районлық басқышы өткерилди. Таңлаўға бесленди 78 жас шаңарақ ийелери қатнасты.

Ҳәр бир қатнасыўшы тест тәризиндеги 50 сораўға жуўап бериўи тийис болып, таңлаў жуўмағында 2 шаңарақ, яғный  “Бегжап” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы жас шаңарақ ийелери Ерназаров Русланбек ҳәм Сражатдинова Камила және де “Айбуйир” мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы жас шаңарақ ийелери Даўлетмуратов Фархад ҳәм  Жумамуратова Айсәнемлер таңлаўдың Қарақалпақстан Республикалық басқышына жоллама алды.

Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

Skip to content