Усы жылы 17-июнь күни Шоманай районында шегара аймақлардан есапланған «Мамый» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында халық арасында нызамсыз аў аўлаўға қарсы гүресиў бойынша улыўмалық профилактикалық үгит-нәсиятлаў жумыслары алып барылды. Үгит-нәсият жумысларына Миллий қәўипсизлик хызмети қәнигелери, Республика руўхый-ағартыўшылық орайы Шоманай районлық бѳлими баслығы И.Алланязов, «Мамый» аўыл пуқаралар жыйыны баслығы Т.Ерназаровлар қатнасты.
Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.
@shomanay_rayon