Múrájat ushın isenim telefonı

background

Шоманайлы жаслар жетекшилери Хожели меҳрийбанлық үйинде мийманда болды

Шоманайлы жаслар жетекшилери Хожели меҳрийбанлық үйинде мийманда болды

Балалар өмиримиз даўамшылары, келешегимиз ийелери. Оларды ҳәр тәреплеме жетик инсан етип жетилистириў – биз жаслар жетекшилериниң тийкарғы ўазыйпамыз есапланады. Елимизде ҳәр бир бала итибарда, ҳәр бири халқымызға тән болған меҳир-муҳаббат, айрықша итибар ҳәм үлкен ғамқорлыққа бөленип өсиўге ҳақылы.

Жазғы дем алыс күнлери даўамында оқыўшы жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде жаслар жетекшилериниң басламалары менен бир қанша илажлар, жақсы басламалар әмелге асырылмақта.

Усындай басламалардың бири бул «Перзентлик миннетим» жойбары есапланады. Усы жойбар шеңберинде Шоманай районы оқыў орынларының жаслар жетекшилери Хожели районындағы Меҳрийбанлық үйинде мийманда болды. Меҳрийбанлық үйи директоры Сон Светлана Михаиловна Шоманайлы жасларды жыллы жүз бенен күтип алды ҳәм бул жердеги балаларға жаратылған имкәниятлар менен жақыннан таныстырды.

Келген мийманларға Меҳрийбанлық үйиниң қәбилетли тәрбияланыўшылары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди.

Оннан соң жаслар жетекшилери Меҳрийбанлық үйи тәрбияланыўшыларына арнап алып келген саўғаларын тапсырды.

Бундай дыққат ҳәм итибар ушын ҳәм бизге хәр дайым жәрдем қолын созып киятырған Шоманай районы ҳәкимлигине ҳәм саўаплы баслама менен бизде мийман болып атырған Жаслар жетекшилерине өзимниң атымнан, қалаберсе тәрбияланыўшылар атынан миннетдаршылық билдиремен дейди Сон Светлана Михаиловна.

Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

Skip to content