Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен 2020-жыл 25-декабрь күни өткерилген «Өзбекстан жаслары форумын»да жасларда унамлы мотивация, бизнес ҳәм исбилерменлик тараўында зәрүр билим ҳәм көнликпелерин қәлиплестириў кереклиги айтып өтилди. Сол арқалы жасларды исбилерменликке кең түрде тартыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў бойынша “Ҳәр бир исбилермен–жасларға ғамхор” басламасы қоллап-қуўатланды.
Бул баслама бойынша Жаслар ислери агентлиги Шоманай районлық бөлими тәрепинен жаслардың исбилерменлик тараўында зәрүр билим ҳәм тәжирийбелерин асырыў арқалы оларды исбилерменликке қамырап алыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде Шоманай районы педагогика колледжинде “Жаслар 1+1” дәстүри тийкарында “Жаслар дәптери” дизиминде турыўшы жасларға оқыў-семинар шөлкемлестирилип, бул оқыў семинарда жаслардың исбилерменлик көнликпелерин асырыў, кәсип-өнерге бағдарлаў ҳәм билимлендириў сапасын асырыў мақсетинде кең түрде түсиндириў жумысларын алып барды.
Бул өтилип атырған семинар арқалы жасларымызға «Исбилерменлик субъектлери ҳәм оның түрлери», «Электрон ҳүкимет» ҳәмде Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталыннан пайдаланыў тәртиби ҳаққында интерактив методта арнаўлы таярланған слайдлар, роликлер ҳәм тарқатпа материаллар арқалы кеңнен түсиндириў жумыслары алып барылды.
Семинар қатнасыўшылары тәрепинен өзлерин қызықтырған бир қанша сораўлар берилип, оларға унамлы жуўаплар алыўға ерисилди.
Шоманай районы Мәмлекетлик хызметлер орайы бас қәнийгеси САЛАМАТ МЫРЗАБАЕВ