1. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитетине қараслы Кадастр агентлиги халықты дизимге алыў қатнасыўшыларына 2023 жылда тийкарғы халықты дизимге алыўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў ушын зәрүр картографик материаллар менен тәмийинлейди.
2023 жылда халықты дизимге алыў ушын картографик материаллар өз ишине төмендегилерди алады:
Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының жергиликли карталары;
район ҳәм қалалар жергиликли карталары;
қалалар, қалашалар, аўыл елатлы пунктлери ҳәм мәҳаллелердиң схематик режелери.
2. Халықты дизимге алыўды өткериўдиң шөлкемлескенлик режеси аймақлық комиссиялар тәрепинен районлар, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы бойынша айрықша дүзиледи.
Дизимге алыў участкаларының чегаралары ҳәр бир дизимге алыў участкасына туўры келетуғын жүклемени аўыллық жерлерде орташа 8750 адам ҳәм қалаларда орташа 11250 адам есапқа алған ҳалда ҳәкимшилик-аймақлық бөлиниў сақлаў шәрти менен белгиленеди.
Дизимге алыў участкалары ҳәр бир инструкторға туўры келетуғын жүклемени аўыллық жерлерде орташа 1750 адам ҳәм қалаларда орташа 2250 адам ҳәм елатлы пунктиндеги халық тығызлығын есапқ алған ҳалда инструкторлық участкаларына бөлинеди.
Инструкторлық участкалары ҳәр бир дизимге алыўшыға туўры келетуғын жүклемеден аўыллық жерлерде орташа 350 адам ҳәм қалаларда орташа 450 адам келип шығып есап участкаларына бөлинеди.
Аймақлық комиссиялар ҳәм республика комиссиясы қарарына тийкар барыў қыйын болған ҳәм алыс аймақларда есап участкасында халықтың саны орташа 250 ден ибарат болыўы дәўир сыпатында алынады.
Айрым ҳалларда участкаларды дүзиўде дизимге алыўшыға туўры келетуғын орташа жүклеме белгиленген нормалардан кем яки көп болыўы мүмкин.
Есап участкасы, инструкторлық ҳәм дизимге алыў участкалары санынан келип шығып дизимге алыў дәўиринде ўақтынша бәнт етилетуғын қәнийгелер саны анықланады.
Шөлкемлестириў режени дүзиўде көзде тутылмаған ҳалатларды (наўқаслық, бахытсыз ҳәдийселер, жүклетилген ўазыйпаларды толық орынламаў ҳәм басқалар) есапқа алған ҳалда есап участкасы, инструкторлық ҳәм дизимге алыў участкаларына ўақтынша бәнт етилетуғын қәнийгелер улыўма санының 10 (он) пайызы муғдарында ис ҳақы төленбеген ҳалда кадрлар қосымша шөлкемлестириледи.
Шоманай районы Статистика бөлими