Múrájat ushın isenim telefonı

background

Исбилерменлик субъектлери саны артпақта

Исбилерменлик субъектлери саны артпақта

Мәмлекетимиз экономикасының негизги көрсеткишлеринен болған киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыў, пуқараларды исбилерменликке кеңнен тартыў олар ушын шараятлар жаратыў микрофирма ҳәм киши кәрханаларда бәнтлиги тәмийинленбеген жасларды жумыс пенен тәмийинлеў бойынша районымызда кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Буған мысал ретинде алатуғын болсақ усы жылдың 1-май ҳалатына районымыз аймағында 498 хожалық жүритиўши субъектлер мәмлекетлик дизимге алынды. Соннан киши бизнес субъектлери 470 ди қурайды. Ал дизимге алынған киши бизнес субъектлеринен ҳәрекетте турғаны 470 субъект болып, ҳәзирги күнде сапалы хызметлерин көрсетпекте.

Районлық статистика бөлими тәрепинен жаңадан ашылған исбилерменлик субъектлерине мәмлекетимиз тәрепинен берилип атырған жеңилликлерди қолайлықларды статистика бөлимине тапсыратуғын есабатлар мүддетлери ҳәр айдың биринши ақырғы жума күнлери семинарларда, сондай-ақ биринши ҳәм ақырғы жума күнлери турақлы түрде өткерилетуғын “Ашық есиклер” күнлеринде кең түрде түсиник жумыслары алып барылмақта.

Шоманай районы статистика бөлими

Skip to content