Múrájat ushın isenim telefonı

background

ХАЛЫҚТЫ ДИЗИМГЕ АЛЫЎ-КЕЛЕШЕККЕ ЖАҢА ҚӘДЕМ

ХАЛЫҚТЫ ДИЗИМГЕ АЛЫЎ-КЕЛЕШЕККЕ ЖАҢА ҚӘДЕМ

Мәмлекет пуқаралары туўрысындағы мағлыўматлар ҳәр қандай мәмлекет миллий статистикасының әҳмийетли бөлими саналады. Бундай мағлыўматлар мәлим ўақыт аралығында халықты дизимге алыў илажлары арқали топланады. Олар республика, бәлки Жер жүзи халқының саны, социаллық ҳалаты, дәраматлары киби бир қанша әҳмийетли мағлыўматларды есаплап барыўға хызмет етеди.

БМШ дүнья мәмлекетлерине пуқаралар менен жүзеге келетуғын бир қатар социаллық мәселелердиң шешими ҳәмде экономикалық көрсеткишлериниң демографик көрсеткишлер менен тең рәўиште өсип барыўын тәмийнлеў ушын ҳәр он жылда кеминде бир мәртебе халықты дизимге алыў илажаларын өткериў усыныс етиледи. Лекин, мәмлекетимизде ғәрезсизликтен соң кең көлемде халықты дизимге алыў илажлары өткерилмеген. Сол себепли, мәмлекетимизде биринши мәрте 2023 жылда өткизилиўи көзде тутылған халықты дизимге алыў илажларына ҳәзирги ўақытта  қызғын таярлық көрилмекте.

 Мәмлекетимизде сынаў тәризинде усы жылдан басланған халықты дизимге алыў илажлары 2023 жылда өткизилетуғын дизимге алыў илажларына таярлық көриўдиң әҳмийетли басқышы есапланады. Усы әмелият услубий, техник ҳәм шөлкемлескен мәселелрди қайта көрип шығыў имканын бергени ушын, онда қанша көп респондентлер (халық) қатнасса, сонша көп кемшиликлерди анықлаў ҳәм дүзетиўге шараят туўылады ҳәм республика дәрежесинде болатуғын халықты дизимге алыў илажларының сыпатлы ҳәм пайдалы өтилиўи тәмийинленеди.

Усы илажлердиң әҳмийетли тәрепи сонда, олар арқалы өзимиз, бәлки келешек әўлад ушын әҳмийетли мағлыўматларды топлаўға ерисемиз. Халықты дизимге алыў нәтийжелери мәмлекеттиң кейинги демографик ҳәм социаллық сиясатын белгилеў менен бирге, республика ҳәм аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў прогнозлары ҳәмде дәстүрлерин дүзиўде кең қолланылады. Кейинги он жыллыққа мөлжелленген шаңарақларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған социаллық дәстүрлерди сәўлелендириў, емлеўханалар, балалар бақшалары, мектеплер ҳәм үй-жай қурылысларын режелестириўде пайдаланылады.

Дизимге алыў нәтийжесинде мәмлекеттеги ис бериўшилер ҳаққындағы мағлыўматлар жеке исбилерменликти раўажландырыў ҳәм бәсекиликке жол ашады. Бизнес ўәкиллери дизимге алыў мағлыўматлары арқалы мийнет ҳәмде тутыныў базарының ҳалатын баҳалаў, талап ҳәм усыныслар мүтәжлигин анықлаў имканиятына ийе болады. Бир сөз бенен айтқанда, халық туўрысында топланатуғын мағлыўматлар бәрше тараўларды раўажландырып, мәмлекетти жәнеде жер майданында Жаңа Өзбекстанның жаңаша түске ениўинде әҳмийетли болып хызмет етеди.

Шоманай районы статистика бөлими

Skip to content