Múrájat ushın isenim telefonı

background

Алимент напақасын тѳлеўден бас тартқан пуқара суд мәжилиси даўамында қарызларын тѳледи

Алимент напақасын тѳлеўден бас тартқан пуқара суд мәжилиси даўамында қарызларын тѳледи

Мәжбүрий орынлаў бюросының Шоманай районы бөлими тәрепинен киритилген усынысына тийкар пуқара Е.П дан өндириўши Б.Б пайдасына тәрбиясындағы бир перзентиниң тәмийнаты ушын ¼ муғдарында алимент напақасын өндириў кѳрсетилген. Усы орынлаў өндириси бойынша қарыздар 2019-жыл октябрь айынан 2021-жыл 26-май күнине шекем жәми 14 949 080 сўм алимент напақасын төлеўден бас тартып жүргенлиги себепли, Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодексининг 474 статьясына тийкар ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы ис материалы қозғатылып, ҳуқықбузар Е.П. ҳәкимшилик жуўапкершилигине байланыслы мәселесин кѳрип шығыў ушын Жынаят ислери бойынша Шоманай районы судына ис материалы келип түсти.

Жынаят ислери бойынша Шоманай районы судының 27.05.2021-жылы болып өткен суд мәжилисинде қарыздар Суд мәжилиси даўамында қарыздардан алимент напақасын толығы менен өндирилип берилди.

Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодексининг 271-статья 10-бәнтине тийкар ҳуқықбузар жуўапкершиликтен азат етилди.

Жынаят ислери бойынша Шоманай районы судының баслығы:   Р.Б.Назаров

Skip to content