Múrájat ushın isenim telefonı

background

Пуқаралардан ҳәм исбилерменлерден айырым ҳүжжетлерди талап етиў бийкар етиледи

Пуқаралардан ҳәм исбилерменлерден айырым ҳүжжетлерди талап етиў бийкар етиледи

Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Халыққа ҳәм исбилерменлик субъектлерине мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыўда және де қолайлы шараятлар жаратыў, бул бойынша бюрократиялық тосықларды қысқартыў бойынша қосымша ис-иләжлар ҳаққында”ғы Пәрманына муўапық,

2021-жыл 1-июньнен баслап мәмлекетлик уйымлар, хожалық бирлеспелери, жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары мәмлекетлик шөлкемлер ҳәм мекемелери тәрепинен пуқаралардан, соның менен бирге исбилерменлик субъектлеринен:

а) төмендеги фактлерди тастыйықлаўшы ҳүжжетлерди:

❌ руўхый кеселликлер бойынша диспансер есабында турыўы яки турмаслығы;

❌ наркология бойынша диспансер есабында турыўы яки турмаслығы;

❌судланғанлық;

❌мәнзил-мағлыўмат мәлимлемеси;

❌пуқараның атында жеке турақ жай бар яки жоқлығы;

❌турақ жайдың майданы;

❌салық қарызы бар яки жоқлығы;

❌салық төлеўши физикалық шахслардың мәмлекетлик салық хызмети уйымларында есапқа қойылғанлығы;

❌пенсия ҳәм напақа муғдары;

❌пенсия ҳәм напақа алыўшылар дизиминде бар яки жоқлығы;

❌неке дизимге алынғанлығы, некеде турмаўы яки некеден ажырасқанлығы;

б) төмендеги ҳүжжетлерди:

❌шахсты тастыйықлаўшы ҳүжжеттиң нусқасы;

❌шахстың белгиленген үлгидеги фотосүўрети;

❌медициналық-социяллық эксперт комиссияларының мағлыўматнамалары;

❌мийнет дәптершелери ҳәм олардың нусқалары (пуқараларға пенсия тайынлаў барысында усы ҳүжжетти “Бирден-бир миллий мийнет системасы” уйымлараралық бағдарламалық – аппарат комплекси арқалы алыў имканияты болмаған жағдайларда сораў буған кирмейди);

❌мийнет ҳақы ҳәм мийнет стажын, жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў мекемесинде оқығанлықты тастыйықлаўшы архив мағлыўматнамалары (пуқараларға пенсия тайынлаў барысында усы ҳүжжетти “Бирден-бир миллий мийнет системасы” уйымлараралық бағдарламалық – аппарат комплекси арқалы алыў имканияты болмаған жағдайларда сораў буған кирмейди);

❌кадастр ҳүжжетлери ҳәм олардың нусқаларын талап етиў бийкар етиледи❗️

Усы ҳүжжет яки мағлыўматлардың мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен пуқаралардан талап етилиўи мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў тараўындағы нызамшылық ҳүжжетлери талапларын бузыў деп есапланады.

Шоманай районы Мәмлекетлик хызметлер орайы бөлим баслығы Даулетмуратов Бахадир Ерполатович

Skip to content