Múrájat ushın isenim telefonı

background

Бүгин Шоманай районында Мархум палўанлар ҳүрметине бағышлап, Спорттың гүрес түри бойынша Шоманай районы бириншилиги ѳткерилмекте

Бүгин Шоманай районында Мархум палўанлар ҳүрметине бағышлап, Спорттың гүрес түри бойынша Шоманай районы бириншилиги ѳткерилмекте

Спорт жарысын район ҳәкими Б.Янгибаев ашып берди ҳәм район кѳлеминде спортшылар тилинде әпсана болып киятырған палўанлар тарийхы бойынша айтып ѳтти ҳәм сол устаз палўанлар жолынан жүрип, районның қалаберсе Республикамыздың атын, усы спорт түри менен елге танытыўда белсендилик кѳрсетиўине шақырып қалды. Соң жарыс қатнасыўшыларына әўмет тиледи.

Спорт жарысы Ѳзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары мәмлекетлик гимни менен ашық деп жарияланды.

Шоманай бириншилигинде 10 салмақ категориялары бойынша 100 ден зият спортшылар күш сынаспақта.

Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети  

Skip to content