Múrájat ushın isenim telefonı

background

Алды-сатты шәртнамасында төлеў мүддетин кешиктергенлик ушын пеня өндириў нәзерде тутылмаған болса да, қарыздардан пеня өндириўге болама?

Алды-сатты шәртнамасында төлеў мүддетин кешиктергенлик ушын пеня өндириў нәзерде тутылмаған болса да, қарыздардан пеня өндириўге болама?

Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда – ПК деп жүритиледи)ниң 386-статьясына муўапық, алды-сатты шәртнамасы бойынша бир тәреп (сатыўшы) товарды екинши тәрепке (сатып алыўшы) мүлк қылып тапсырыў миннетлемесин, сатып алыўшы болса бул товарды қабыл қылыў ҳәм оның ушын белгиленген пул суммасын (баҳасын) төлеў миннетлемесин алады.

Демек, сатыўшы ҳәм сатып алыўшы алды-сатты шәртнамасы арқалы өз-ара пуқаралық ҳуқықый мүнәсебетке кириседи. Егерде сатып алыўшы сатып алынған мүлк ушын төлемлерин өз ўақтында әмелге асырмаса сатыўшының ҳуқықын бузған есапланады. Бул жағдайда сатыўшы пуқаралық ҳуқықларын қорғаў усылларыныӊ биринен яғный, неустойка (пеня) өндириў ҳуқықынан пайдаланған ҳалда өз ҳуқықларын тиклеўи мүмкин.

ПКниӊ 260-статьясы биринши бөлимине муўапық, нызам ҳүжжетлери яки шәртнама менен белгиленген, қарыздар миннетлемесин орынламаған яки лазым дәрежеде орынламаған жағдайда кредиторға төлеўи шәрт болған пул суммасы неустойка есапланады.

ПКниӊ 261-статьясына муўапық, неустойка жәрийма яки пеня түринде болады. Қарыздар миннетлемелериниң орынланыўын кешиктиргенде төлейтуғын ҳәм өткерип жиберилген мүддеттиң ҳәр бир күни ушын миннетлемениң орынланбаған бөлегине пайыз менен есапланатуғын неустойка пеня есапланады.

Демек, кредитор тәреплер орталарында дүзилген шәртнамада пеня өндирилиўи нәзерде тутылған яки тутылмағанлығына қарамастан ПКниң
260-статьясы биринши бөлимине тийкар нызамда белгиленген яғный, “Хожалық жүритиўши субъектлер искерлигиниӊ шәртнамалық-ҳуқықый базасы ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамында белгиленген неустойка, яғный пеняны өндириўди сорап судқа даўа арза менен мүрәжат қылыўға ҳақлы.

Қарақалпақстан Республикасы судының экономикалық ислер бойынша судьясы Уткиржон Сабиров

Skip to content