Múrájat ushın isenim telefonı

background

Шоманай районында тәлим-тәрбия тараўында әмелге асырылған жумыслар бойынша баспасѳз-конференциясы ѳткерилди

Шоманай районында тәлим-тәрбия тараўында әмелге асырылған жумыслар бойынша баспасѳз-конференциясы ѳткерилди

Баспасѳз-конференциясына Шоманай районы Халық билимлендириў бѳлими баслығының орынбасары А.Атамуратов, Шоманай районы кәсип ѳнер мектеби директоры А.Нуруллаев, Шоманай Педагогика колледжи директоры У.Айтмуратов ҳәм Мектепке шекемги билимлендириў бѳлими баслығы ў.ў.а Ф.Убайдуллаевлар ҳәмде ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, журналистлер қатнасты.

Конференция даўамында билимлендириў тараўы ўәкиллериниң келешек әўладқа тәлим-тәрбия бериў ҳәм тараўдағы жетискенликлери, оқыў системасы нәтийжелиги бойынша әмелге асырылған жумыслары ҳәм келешектеги режелери ҳаққында баянатлары тыңланды.

Әлбетте жумыс бар жерде кемшилик болады дегениндей ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, журналистлер тараўдағы жол қойылған кемшиликлер ҳаққында сын пикирлери менен биргеликте ѳз усынысларында билдирип ѳтти.

Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

Skip to content