15-май «Халықаралық шаңарақ күни» мүнәсибети менен Жаслар ислери агентлиги районлық бөлими, Жаслар аўқамы районлық бөлими ҳәм Республика руўхый-ағартыўшылық орайы районлық бөлими менен биргеликте 33-санлы қәнигелестирилген мектепте «Билимдан шаңарақ» интеллектуал таңлаўы өткерилди.
Шаңарақларда китапханлық мәдениятын қәлиплестириў ҳәм жас шаңарақларды интеллектуал қоллап-қуўатлаў мақсетинде өткерилген таңлаўға аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларынан жәми 16 команда қатнасты.
Таңлаў жуўмағында 1-орынды Моншақлы МПЖ аймағында жасаўшы «Искендеровлар» шаңарағы, 2-орында «Наўрыз МПЖ аймағында жасаўшы «Амедовлар» шаңарағы ҳәм 3-орынды «Мәденият» МПЖ аймағында жасаўшы «Турсыновлар» шаңарағы ийеледи.
Жеңимпаз ҳәм таңлаўға белсене қатнасқан билимдан шаңарақлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен мүнәсип сыйлықланды.
Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.