Шоманай районы “Моншақлы” мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 2-санлы Мектепке шекемги билимлендириў шѳлкеминиң жаңа имәратының салтанатлы ашылыў мәресими ѳткерилип, пайдаланыўға тапсырылды.
Имәраттың қурылысына 4 млрд 230 млн 944 мың сӯм қаржы ажыратылған бул шѳлкемниң бой тиклеўинде “STROY SERVIS KK” ЖШЖ ѳзиниң қол мийнетлерин аямай, келешек әўладтың заманагѳй қолайлықлар ишинде тәрбияланыўына ѳз үлесин қосты.
Ашылыў салтанатын район ҳәкими 1-сектор баслығы Б.Янгибаев ашып берди ҳәм район халқын қызғын қутлықлады. Соң сол аймақта жасаўшы Нураный К.Айтымуратов байрам қарсаңында район халқы ушын жақсы саўға болғанлығы ҳәм буннан Президентимизге ҳәм ел басшыларына жүдә миннетдар екенин билдирди.
“STROY SERVIS KK” ЖШЖ баслығы А.Жаббарбергенов жақсы тилеклерин айтып, жаңа имәраттың гилтин тапсырды ҳәм Шоманай районлық Мектепке шекемги билимлендириў бѳлими баслығы ў.ў.а Ф.Убайдуллаев ѳз миннетдаршылығын билдириў мақсетинде қурылысшыларға баҳалы саўғасын тапсырды. Соң сектор басшылары, келген мыйманлар жаңа имәраттың бәрше қолайлықлары менен танысты.
Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети