Ҳүрметли пуқаралар, Өзбекстан Республикасы Бас министириниң ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының буйрығына тийкар 2021 жыл 19-21 май күнлери Қарақалпақстан Республикасында (Нөкис қаласы, Тақыятас ҳәм Хожели районларында) Тәжикстан Республикасы аймағында жайласқан “Сарез көли”ниң опырылыўы нәтийжесинде жүзеге келиўи мүмкин болған айрықша жағдайларда басқарыў органлары ҳәм мәмлекетлик структуралардың халықты ҳәмде аймақларды қорғаўда биргеликтеги ҳәрекетлери бойынша командирлик-штаб оқыў шынығыўы өткериледи.
Окыў шынығыўын кең көлемде ҳәм реал айрықша жағдайларға жақынластырылған ҳалда өткериў режелестирилген. Сол себебли оқыў шынығыў болып атырған ўақытта пуқаралардан артықша ҳаўлықпаға түспеўин ҳәмде ҳәр түрли тийкарланбаған мағлыўматларды тарқатпаўын сораймыз.
Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы