Múrájat ushın isenim telefonı

background

“Темир дәптер” дизимине киритилген шаңарақларға жәрдем кѳрсетилмекте

“Темир дәптер” дизимине киритилген шаңарақларға жәрдем кѳрсетилмекте

Шоманай районы “Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў” бөлими ҳәм “Мәҳәлле” қайырқомлық жәмийетлик қоры районлық бөлими тәрепинен райондағы кем тәмийинленген жәрдемге мүтәж ҳәм “Темир дәптер” дизимине киритилген шаңарақлардан 60 шаңарақтың ҳәр бирине 20 данадан жәми 1200 бас таўық тарқатылды. Ҳәр бир шаңарақ ушын бир қалтадан яғный 35 кгнан таўық ушын арнаўлы дәриленген азықлық ѳнимлериде қосып берилди. Бундағы мақсет халықтын социаллық жағдайын беккемлеў,  жумыссыз ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеп, олардың шаңарақтағы дәрәматларын тиклеў болып есапланады.

Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

Skip to content