Múrájat ushın isenim telefonı

background

«Ҳәзил майданы» лигасының Шоманай районлық финал басқышы

«Ҳәзил майданы» лигасының Шоманай районлық финал басқышы

Жаслар Форумы даўамында Қарақалпақстан Республикасының қуўнақ ҳәм зийрек жасларын жәмлестирген «Ҳәзил майданы» лигасының Шоманай районлық финал басқышы өткерилди.

Финал басқышында Өзбекстан Мәмлекетлик мәденият ҳәм көркем-өнер институты Нөкис филиалынан “Асығыс”, “Жас Пегас”, “Миллиард” командалары, Шоманай районы 1-санлы мектептиң “Арал” командасы, 4-санлы мектептиң “Жаслар” командасы ҳәмде 15-санлы мектептиң “Ташкент” командалары өз-ара беллести. «Ҳәзил майданы» лигасына усы күнге шекем Нөкис қаласы, Қоңырат, Қәнликөл, Хожели ҳәм Шоманай районларынан жәми 20 дан артық командалар өз-ара беллесип келген еди. Ҳәзилге бай саҳналық көринислер, кеўил ашар қосықлар ҳәм қызықлы ўақыяларға бай болған финал жуўмағында Шоманай районы 4-санлы мектептиң “Жаслар” командасы 1-орынды, Өзбекстан Мәмлекетлик мәденият ҳәм көркем-өнер институты Нөкис филиалының “Миллиард” командасы 2-орынды ҳәмде 15-санлы мектептиң “Ташкент” командасы 3-орынды ийеледи. Таңлаўдың финал басқышына қатнасқан хәр бир команда шөлкемлестириўшилер тәрепинен мүнәсип сыйлықланды.

Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

Skip to content