2021 жыл даўамында Жаслар менен ислесиўдиң жаңаша системасын ен жайдырыў бойынша Республикамыз барлық қала ҳәм районларында арнаўлы дәстүр тастыйықланды. Дәстүрге тийкар жаслар менен тығыз ислесиў мәселесинде бир қанша әмелий жумыслар исленип атырғанлығының гүўасы болмақтамыз.
Шоманай районы бойынша тастыйықланған дәстүрге тийкар усы жылдың 7-май сәнесинде «Шоманай жаслары форумы» өткерилди. Жаслар форумы Шоманай районында жаслардың усынысларына көре екинши мәрте шөлкемлестирилип атыр.
Форумның ашылыў мәресимине район ҳәкими Б.Янгибаев ҳәм сектор баслықлары қатнасты. Форумда жаслар дәптерине дизимге алынған 2 жасқа өзин-өзи бәнт етиў ушын әспаб-үскенелер, районлық Мәлимлеме ресурс орайына 500 дана Қарақалпақ тилиндеги әдебий китаплар топламы, Президентимиздиң алға сүрген бес әҳмийетли басламасына тийкар Республикалық таңлаўларда белсене қатнасып киятырған жаслар ҳәм оқыў орынларындағы бир қатар жаслар жетекшилери сондай-ақ, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеўге мүнәсип үлес қосып киятырған жас исбилерменлер Юсупбаева Шахрибану ҳәм Ешимбетов Полатбеклер район ҳәкимлиги тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети