Қарақалпақстан Республикасында жынаятларды болдырмаў, жынаятшылық профилактикасын жәнеде жеделлестириў, әдил судлаўды тәмийинлеў ҳәм коррупциядан аўлақ аймаққа айландырыў бойынша жол карта тастыйықланған болып, жол картаның 24-бәнтиниң орынланыўын тәмийинлеў бойынша аймақларда жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, жүз бериў себеплери ҳәм жаслар ортасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәмде Ѳзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 135-статьясы Адам саўдасы жынаятының мазмун-мәниси ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бойынша Шоманай районы суды баслығы Р.Назаров тәрепинен Шоманай районы «Дийханабад» АПЖ, «Мамый» АПЖ, «Қарабайлы» МПЖ ҳәмде «Мәденият» МПЖ аймақларында кең түрде ушырасыў ѳткерилди.
Ушырасыўға қатнасқанлардың пикир ҳәм усыныслары тыңланып, ашық сәўбетлесиў менен даўам етти.
Сондай-ақ, ушырасыўда ҳуқықый жәрдемге мүтәж болған жәми 8 пуқараның мүрәжатлери тыңланып, оларға ҳуқықый түсиниклер берилди.
Жынаят ислери бойынша Шоманай районы суды