Бүгин Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзаларының 14-жалпы мәжилисинде көрип шығылған нызамларды үгит-нәсиятлаў мақсетинде Олий Мажлис Сенаты ағзасы, Қарақалпақстан Республикасы кәсиплик аўқамлар шөлкемлери бирлеспеси баслығы Улықбек Жалменов қатнасында Шоманай районында ушырасыў өткерилди. Ушырасыўды Шоманай районы ҳәкиминиң биринши орынбасары А.Қалжанов ашып берди ҳәм басқарып барды.
Соң күн тәртибиндеги мәселелер бойынша Олий Мажлис Сенаты ағзасы, Қарақалпақстан Республикасы кәсиплик аўқамлар шөлкемлери бирлеспеси баслығы Улықбек Жалменов, Шоманай районы Әдиллик бөлими баслығы Жақсылық Сейтеков, Жынаят ислери бойынша Шоманай районлық суды баслығы Р.Назаровлардың баянатлары тыңланды. Соң Халық депутатлары районлық Кеңеси депутатларының қызықтырған сораўларына жуўаплар берилди.
Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.