Өзбекстан қаҳарманы. Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан ҳалық шайыры. Поэзия байтереги Ибрайым Юсупов атамыздың 92 жыллығы мүнәсибети менен Шоманай районлық 4-санлы улыўма билим бериў мектебинде Жас қәлемкешлер дѳгерегин шѳлкемлестирип әдебий кеше өткерилди.
Кешеде усы мектептиң оқыўшылары тәрепинен әдебиятымыздың байтереги болған уллы шайырды еслеп, оның ѳмир жолы ҳәм дѳретиўшилигинен қосық-тақмақлар айтып ,сондай-ақ Аязий ықласбентлериниң көпшилиги өзлериниң қызықтырған сораўлары менен қатнасты. Кешени шөлкемлестирген усы мектептиң дѳретиўши мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшысы Г.Атаева