Múrájat ushın isenim telefonı

background

Суд қарары менен пуқараларға майыплылық напақасы өндирилип берилди ҳәм ҳәр ай сайын төлеп барыў миннетлемеси жүклетилди

Суд қарары менен пуқараларға майыплылық напақасы өндирилип берилди ҳәм ҳәр ай сайын төлеп барыў миннетлемеси жүклетилди

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңеси пуқаралар  С.З., К.М. ҳәм А.К.лардың мәпин гөзлеп жуўапкер «ЖОЛ ТРАНСПОРТ-ЖОЛАЎШЫ» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен мийнетте жарақатланыўы себепли алған майыплылық напақасын өндириў ҳәм ҳәр ай сайын төлеп барыў миннетлемесин жүклеў ҳаққындағы даўа арзасы менен судқа мүрәжат еткен.

Судтың бийлиги менен Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңесиниң даўасы қанаатландырылып,   жуўапкер «ЖОЛ ТРАНСПОРТ-ЖОЛАЎШЫ» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен пуқара  С.Зның пайдасына 12.200.021 сум,  К.Мның пайдасына 12.200.021 сум,  А.Кның пайдасына 12.300.543 сум мийнетте жарақатланыўы себепли майыплылық напақасын өндириў, 2021 жыл январь айынан баслап ҳәр ай сайын  С.Зға 622.717 сум, К.Мға 698.857 сум, А.Кға 704.615 сум напақа пулларын төлеп барыў ҳәм ис ҳақы өзгерген жағдайда қайта есаплап барыў миннетлемесин жүклеў белгиленди.

Себеби, пуқаралар С.З., К.М. ҳәм А.Клар бурынғы «Нөкис таксомотор парки» кәрханасында ҳәзирги «ЖОЛ ТРАНСПОРТ-ЖОЛАЎШЫ» ЖШЖнде ислеп келип,  жумыс ўақтында бахытсыз ҳәдийсе себепли дене жарақатларын алған.

Солай етип, К.Мға 1984 жыл 28 июнь күни, А.Қға 1985 жыл 20 октябрь күни, С.Зға 1990 жыл 17 сентябрь күни Н-1 формадағы өндиристе бахытсыз ҳәдийсе жүз бергенлиги ҳәм ден-саўлыққа зыян келтирилгенлиги ҳаққында актлер дүзилген.

Нөкис қалалық ШМЭК тәрепинен С.Зға 50%, К.Мға 40%, А.Қға 70% мийнетке жарамсызлығы белгиленип, мийнетте жарақатланыўы бойынша мүддетсиз дәўирге II-топар майыплылық белгиленген.

Жуўапкер «ЖОЛ ТРАНСПОРТ-ЖОЛАЎШЫ» ЖШЖ тәрепинен С.З., К.М. ҳәм А.Қ.ларға ден-саўлығына жеткизилген жарақатланыў менен байланыслы зыян пуллары 2019 жыл июль айына шекем айма-ай төлеп келинген.

Сондай-ақ, пуқаралық ислери бойынша Нөкис районлараралық судының 2013 жыл 4 октябрь күнги бийлиги менен талапкер Қ.М.ның пайдасына жуўапкер «ЖОЛ ТРАНСПОРТ-ЖОЛАЎШЫ» ЖШЖнен 2013 жыл 21 августтан баслап ҳар ай сайын ден-саўлығына келтирилген зыян ушын 402.104 сум төлеп барыў ҳәм ис ҳақы муғдары өзгерген жағдайда қайта есаплап барыў миннетлемеси жүклетилген.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң  «Хызметкерлерге олардың хызмет ўазыйпаларын орынлаў менен байланыслы ҳалда жарақатланыўы, кәсип кеселликлерине шалыныўы яки ден-саўлығының басқа түрдеги зыянланыўы ақыбетинде келтирилген зыянды төлеў қағыйдаларын тастыйықлаў ҳаққында»ғы 2005 жыл 11 февральдағы 60-санлы қарарының 42-бантине көре, белгиленген тәртипте хызметкердиң өмири ҳәм ден-саўлығына жеткизилген зыян ушын жуўапкер деп тән алынған юридикалық шахс қайта шөлкемлестирилген жағдайда зыянды төлеў бойынша тийисли төлемлерди төлеў миннетлемеси ушын оның ҳуқықый мийрасҳоры жуўап береди. Зыянды төлеў ҳаққындағы талап та оған бериледи. Ал, 44-бәнтине көре, мийнет жарақаты ушын жуўапкер болған юридикалық шахс сапластырылған тәғдирде сапластырыў комиссиясы зыянды төлеў суммасын буннан кейин төлеў ушын зәрүр сумманы сапластырылып атырған юридикалық шахс дизимнен өткизилген жер бойынша бюджеттен тыскары Пенсия қорының қаржылары жәмленетугын бюджеттен тыскары Пенсия қоры бөлимлериниң арнаўлы мақсетли бюджеттен тысқары есап бетлерине өткизиўи керек.

Сондай-ак, қарардың 46-бәнтине көре, егер юридикалық шахс сапластырылған күнде жәбирлениўшилерге яки буған ҳуқықы болған шахсларға зыян суммасын төлеў  мүддетсиз белгиленген болса, ондай жағдайда бюджеттен тыскары Пенсия қорына төлеў ушын бул сумманы есаплап шығыў Өзбекстан Республикасында орташа өмир көриў жасы есапқа алынған ҳалда юридикалық шахс сапластырылған күнде усы  Қағыйдаларда белгиленген муғдарда, бирақ кеминде 5 жыл ушын әмелге асырылады. Ал, 47-бәнтине коре, зыянды төлеў ушын суммаларды өткизиў сапластырылып атырған юридикалық шахстың қаржылары яки мал-мүлки мәўжит болмағанлығы яеи жетерли емеслиги себепли мүмкин болмаған ҳалларда ҳәм зыянды төлеў ушын суммаларды өткизиў сапластырылып атырған аўыл ҳожалығы кооперативи (ширкет хожалығы), фермер хожалығы, дийхан хожалығында қаржы жоқлығы яки жетерли емеслиги себепли мүмкин болмаған ҳалларда, бул сапластырыў комиссиясы тәрепинен белгиленген тәртипте тастыйықланған тәғдирде, сондай-ақ егер юридикалық шахс сапластырылғаннан кейин жәбирленгенлерде яки зыян төлениўи ҳуқықына ийе болған шахсларда, усы  Қағыйдаларға муўапық, оларды алыў ушын қосымша яки жаңа ҳуқықлар пайда болғанда зыянды төлеў суммасы бюджеттен тыскары Пенсия қоры бөлимлери тәрепинен усы қор қаржыларынан төленеди, бунда сапластырыў комиссиясы жәбирленгенлердиң зәрүр болған  барлық ҳүжжетлерин жоқарыда көрсетилген уйымларға  береди.

Ал, жуўапкер «ЖОЛ ТРАНСПОРТ-ЖОЛАЎШЫ»  ЖШЖ тәрепинен напақа пулларын төлеў жағдайының жоқлығы ҳәм жәмийеттиң  сапластырылғанлығы ямаса банкрот деп табылғанлығы ҳаққындағы, сондай-ақ «Нөкис таксомотор парки» кәрханасының ҳуқықый мийрасҳоры емес екенлигин тастыйықлаўшы бирде-бир ҳүжжет усынылмаған.

Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 1013-статьясына коре, нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте базалық есаплаў муғдары асырылғанда қолдан жиберилген ис ҳақы (дарамат)ты, жәбирлениўшиниң ден-саўлығына зыян жеткизилиўи ҳәм оның өлими мүнәсебети менен белгиленген басқа төлемлерди қаплаў суммлары нызам ҳүжжетлеринде белгиленген базалық есаплаў муғдарының асырылыўына сәйкес түрде көбейтириледи.

Сонлықтан суд тәрепинен жоқарыда атап өтилген нызам талапларына тийкар даўаны қанаатландырыў ҳаққында жуўмаққа келинген.

Қарақалпақстан Республикасы

суды судьясы:Зульфия Бабаджанова

Skip to content