Ѳзбекстан Республикасы Президенти басламасы менен Темир дәптер, Ҳаяллар дәптери ҳәм Жаслар дәптери енгизилди. Бунда халықтың кем тәмийинленген, бағыўшысын жоғалтқан, жалғыз баслы, социаллық қорғаўға мүтәж, имкәнияты шекленген ҳәм жумыссыз қатламын социаллық ҳәм экономикалық жақтан қоллап-қуўатлаў баслы мақсети есапланады. Усы жылдың 1-май сәнесинде Темир дәптер ҳәм ҳаяллар дәптери дизимде турыўшы 13 шаңарақтың перзентлерине Шоманай районы ҳәкимлиги ҳәм сектор баслықларының қәўендерлигинде сүннет тойлары салтанатлы ѳткерилди.
Той мәресимин Шоманай районы ҳәкими Б.Янгибаев кирис сѳз бенен ашып берди ҳәм той ийелерин қутлықлады. Соң сектор баслықлары биргеликте той ийелерине аталған саўға (Велосипед)лер тапсырылып, перзентлердиң келешекте мәрт азамат ҳәм ели ушын аянбай хызмет ететуғын жигитлер болыўын тиледи.
Сүннет етилип атырған балалардың ата-аналары жақынлары ҳәм қәўендерлери шығып сѳйлеп Президентмизге ҳәм шѳлкемлестирип атырған ел басшылырына ѳз миннетдаршылығын билдирди.
Районлық Мәденят бѳлими хызметкерлери тәрепинен той қатнасыўшыларына рәңберең түрде театрластырылған концерт бағдарламасын қойып берип, келген мийманларға жоқары кейпият инәм етти.
Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.
@shomanay_rayon