Múrájat ushın isenim telefonı

background

Лола Маҳаматдинова менен ушырасыў

Лола Маҳаматдинова менен ушырасыў

Шоманай районлық Мәденият бөлими тәрепинен жыл басынан белгиленген ис-режеге тийкар, жасларымыз арасында руўхый ағартыўшылық жумысларын еледе күшейтиў мақсетинде, бир қанша жумыслар исленип келмекте. Көркем өнеримиздиң, соның ишинде жасларымызды бақсышылыққа деген қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде 30-Апрель күни Өзбекстан Мәмлекетлик Мәденият ҳәм көркем өнер Институты Нөкис филиалы халық дөретиўшилиги кафедрасы аға оқытыўшысы, «Ниҳол» сыйлығының лаўреаты Лола Маҳаматдинова менен ушырасыў кешеси ҳәм «шеберлик сабағы» ѳткерилди.

Бунда бөлимдеги бақсышылық дөгерегине қатнасыўшы жаслар арасында өткерилди. Сабақ даўамында мийманымыз өзиниң дөретиўшилик жумыслары, ерискен жетискенликлери, ҳаққында айтып өтти. Өз гезегинде дөгерек қатнасыўшылары өзлери қызықтырған сораўларына жуўаплар алды. Ҳәм кеше соңында Лола Махаматдинова ҳәм дөгерек қатнасыўшылары тәрепинен атқарылған йошлы бақсы жолындағы Қарақалпақ қосықлары кешеге өзгеше бир сән берди дейди Мәденят бѳлими баслығы А.Бегжанова

Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

Skip to content