Múrájat ushın isenim telefonı

background

7-санлы мектеп “ТЕМУРБЕКЛЕР” әскерий спорт жарысының жеңимпазы болды

7-санлы мектеп “ТЕМУРБЕКЛЕР” әскерий спорт жарысының жеңимпазы болды

Улыўма билим бериў мектеплери оқыўшы жасларының бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў, олар ортасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў ҳәмде өз-ара мәдений спорт байланысларын жолға қойыў, дәслепки әскерий шақырыққа ийе болған ўатансүйер, жуўапкершиликли болған бәркамал әўладты тәрбиялаў мақсетинде ҳәр жылы Республикамызда “Темурбеклер” әскерий спорт жарысы өткерилип келинеди.

Усы жылдың 30-апрель сәнесинде Шоманай районы 33-санлы қәнигелестирилген мектебинде “Темурбеклер” әскерий спорт жарысының районлық басқышы өткерилди.

Әскерий спорт жарысына район аймағындағы 23 улыўма билим бериў мектеплеринен жәми 300 ден аслам оқыўшы жаслары 9 шәрт бойынша өз-ара беллести.

Беллесиўлер даўамында оқыўшы жаслардың ўатан алдындағы парызын өтеўге болған қызығыўшылығы еледе артып барғаны көринип турды. Әскерий спорт жарысы жуўмағында 9 шәрт даўамында қарсылас топарлардан үстин келген ХББ не қараслы 7-санлы мектеп оқыўшы жаслары 1-орынды ийелеп Қарақалпақстан Республикалық басқышына жолламаны қолға кириткен болса, 9-санлы мектеп 2-орынды ҳәмде 11-18-23-санлы мектеп топарлары 3-орынларды ийелеп шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы диплом, ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды. Шоманай  районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

Skip to content