Múrájat ushın isenim telefonı

background

Шоманай қәнигелестирилген мәмлекетлик тоғай хожалығына жер фондында ѳрт қәўипсизлигиниң алдын алыў ҳәм оларға қарсы гүресиўди күшейттириў илажлары ҳаққында (30.04.2021)

Шоманай қәнигелестирилген мәмлекетлик тоғай хожалығына жер фондында ѳрт қәўипсизлигиниң алдын алыў ҳәм оларға қарсы гүресиўди күшейттириў илажлары ҳаққында (30.04.2021)

Ѳзбекстан Республикасы “Тоғай ҳаққында”ғы Нызамы (Ѳзбекстан Республикасы Нызам ҳүжжетлери топламы 2006-жыл 41-сан)на, Ѳзбекстан Республикасы “Тәбиятты қорғаў ҳақкындағы” Нызамы, Ѳзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 1999-жыл 11-ноябрьдеги 506-санлы қарарының 1-қосымша менен тастыйықланған “Республика тоғайларын қорғаў бойынша айырым норматив ҳүжжетлерди тастыйықлаў ҳаққында”ғы Қағыйдасына ҳәм Ѳзбекстан Республикасы “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында”ғы Нызамының 6-статьясына тийкарланып

ШЕШИМ ЕТЕМЕН:

1. Шоманай қәнигелестирилген мәмлекетлик тоғай хожалығы жер фондында 2021-жыл 1-февральдан баслап 2021-жыл 31-декабрь сәнесине шекем “Тоғай фонды жерлеринде ѳрт қәўипсизлиги мәўсими” деп белгиленсин.

         2. Шоманай қәнигелестирилген мәмлекетлик тоғай хожалығына жер фондында ѳрт қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша жумысларды қадағалап барыўшы комиссия қурамы 1-қосымшаға, ѳрт қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша ис илажлар 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

         3. Ѳрт қәўипсизлигиниң мәўсиминде юридикалық ҳәм физикалық шахсларға қойылатуғын талаплар етип тѳмендегилер белгиленсин:

тоғай хожалығы жерлери шегарасы ҳәм де тоғай хожалығы участкаларында ѳрт қәўипсизлиги ўақтында оттың жағылмаўы;

тоғай хожалығы жерлеринде аң аўлаў ўақтында тез жанып кететуғын яки түтеп жанатуғын материаллардан пайдаланбаў;

майлаў материаллары, бензин, керосин ҳәм басқа тез алысыўшы затлар сиңдирилген тазалаў материалларын участкаларда усы мақсетлер ушын нәзерде тутылмаған орынларда қалдырмаў:

тоғай хожалығы участкаларында двигатель ислеп турған ўақытта жанылғы бакларына жанылғы қуйылмаўы, двигательдиң энергия системасы насаз болған машиналардан пайдаланбаў, жанылғы қуйылатуғын машиналар жанында шегиў ямаса ашық оттан пайдаланбаў;

тоғай участкаларында, отлақ жерлерде отларды ҳәм де қорғаныў ҳәм кѳклемзарластырыў терекзарларына тиккелей тутасқан жер участкаларында от жақпаў;

қалған орынларда әтирапы кеминде 4 метр болған кеңликтеги майданшаларда от жағыўға рухсат етиледи ҳәм  пайдаланыўдан кейин тезде пуқталық пенен ѳширилиўи шәрт.

4. Райондағы мәкеме, кәрхана ҳәм шѳлкемлер:

а) тоғай участкасы жерлеринде жумыслар исленгенде жанылғы ҳәм майлаў материалларын тийисли стандарттағы жабық ыдысларда сақлаўға, ѳрт қәўипсизлиги мәўсиминде олар сақланатуғын орынларда ѳсимлик қатламынан, терек қалдықларынан ҳәм басқа тез жанатуғын материаллардан тазалаўын ҳәм де кеминде 1,4 метр кеңликте мәденийлестирилген қорғаў майданы менен дѳгеригин ораўы;

б) объектлер жайласқан орынларда ямаса мәдений-ғалабалық ҳәм басқа илажлар ѳткерилгенде аймақта Ѳзбекстан Республикасы Тоғай хожалығы мәмлекетлик Комитети ҳәм Айрықша  жағдайлар бойынша Министрлиги тәрепинен тастыйықланатуғын нормалар бойынша тоғайлардағы ѳртлерди ѳшириў ушын ѳртке қарсы әсбап-үскенелерге ийе болыўы;

Кѳрсетип ѳтилген ѳрт ѳшириў әсбап-үскенелерин пайдаланыўға толық таяр ҳалда сақлаўды:

Ѳртлерди ѳшириў ушын ѳртке қарсы әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў нормалары тастыйықланбаған кәрханалар, мәкеме ҳәм шѳлкемлер ҳәм де объектлер жайласқан орынларда дәслепки ѳрт ѳшириў әсбап-үскенелер (суў қуйылған бочкалар, қум салынған қутылар, балталар, беллер, сипсе ҳәм басқалар)ге ийе болыўын;

в) Ѳрт қәўипсизлигиниң мәўсиминде ѳзиниң дизиминде ямаса тоғайда жумысларды орынлаўшы айырым бѳлимлерде, сондай ақ тоғайларда жайласқан қорғанларда ислеўши ҳәм басқа пуқаралардан ибарат ѳртке қарсы кѳмекши дружиналар дүзиўди тәмийинлесин.

5.Тоғай хожалығы участкасында жумыс орынлаўшы ямаса объектлерге ийе болған кәрханалар, мәкеме ҳәм шѳлкемлер басшылары ѳрт қәўипсизлиги мәўсими басланыўы алдынан, тоғай хожалығы жерлеринде мәдений-ғалабалық ҳәм басқа илажлар ѳткерилиўи ушын жуўапкер шахслар болса, тоғай участкаларына барыў алдынан ѳрт қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етиў ҳәм ѳртлер пайда болыўының алдын алыў ҳаққында, сондай-ақ оларды ѳшириў усыллары ҳаққында хызметкерлерге ямаса мәдений-ғалабалық ҳәм басқа илажлар қатнасыўшыларына айрықша китапқа имза қойдырған ҳалда қолланбалардың берилиўин тәмийинлесин.

6. Шоманай қәнигелестирилген мәмлекетлик тоғай хожалығы (З.Калмуратов) ҳәм районлық айрықша жағдайлар бѳлими (А.Атамуратов), район ҳәкиминиң орынбасары Д.Ибадуллаева менен биргеликте “Тоғай фонды жерлеринде ѳрт қәўипсизлигиниң мәўсими” ҳақкында халық арасында кең түрде үгит-нәсият жумысларын алып барсын.

 7. Усы шешимди ғалаба хабар қуралларында сәўлелендирип барыў усыныс етилсин ҳәм район ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайтында жарытылсын.

8. Шоманай районы ҳәкиминиң 2020-жыл 10-августтағы №474/8-санлы шешими ѳз күшин жоғалтқан деп есаплансын.

9. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары М.Темирхановқа жүкленсин.

Шоманай районы ҳәкими:-                                    Б.Янгибаев

Skip to content