Шоманай районы «Ақ жап»,«Бирлешик» аўыл пуқаралар жыйынлары ҳәм «Наўрыз» мәкан пуқаралар жыйынында Жынаят ислери бойынша Шоманай районлық суды баслығы Р.Назаров ҳәм район ҳәкимлиги бас юрисконсульты Х.Ембергеновлар қатнасында кѳшпели қабыллаў ѳткерилди.
Бунда кѳшпели қабыллаўға келген пуқаралардан, ҳуқықый жәрдемге мүтәж 10 пуқараға ҳуқықый түсиниклер берилди.
Кѳшпели қабыллаў даўам етеди.
Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети