Өзбекстан Республикасы Конституциясыныӊ 35-статьясына муўапық ҳǝр бир шахс тиккелей өзи ҳǝм басқалар менен биргеликте ўǝкилликли мǝмлекетлик уйымларға, мǝкемелерге яки халық ўǝкиллерине арза, усыныс ҳǝм шағымлар менен мүрǝжат қылыў ҳуқықына ийе. Арзалар, усыныслар ҳǝм шағымлар нызамда белгиленген тǝртипте ҳǝм мүддетлерде көрип шығылыўы шǝрт.
Өзбекстан Республикасы Конституциясыныӊ 44-статьясына муўапық, ҳǝр бир шахсқа өз ҳуқық ҳǝм еркинликлерин суд арқалы қорғаў, мǝмлекетлик уйымлар, лаўазымлы шахслар, жǝмǝǝтлик бирлеспелердиӊ нызамсыз ис-ҳǝрекетлери үстинен судқа шағым етиў ҳуқықы кепилленеди.
Мǝмлекетлик уйымлар ҳǝм мǝмлекетлик мǝкемелерге, сондай-ақ олардыӊ лаўазымлы шахсларына физикалық ҳǝм юридикалық шахслардыӊ мүрǝжатлары саласындағы қатнасықлар Өзбекстан Республикасыныӊ «Физикалық ҳǝм юридикалық шахслардыӊ мүрǝжатлары ҳаққында»ғы Нызамы (кейинги орынларда – Нызам деп жүритиледи) менен тǝртипке салынған.
Мүрǝжатларды көрип шығыўда нызамлылық, мүрǝжатларды өз ўақтында ҳǝм толық көрип шығыў, мүрǝжатларға қарата талаплардыӊ бирдейлиги, физикалық ҳǝм юридикалық шахслардыӊ ҳуқықлары, еркинликлери ҳǝм нызамлы мǝплерине ǝмел етилиўи, мǝрǝжатларды көрип шығыўда бюрократизм ҳǝм аўерегершиликке жол қойылмаслығы, мүрǝжатларды көрип шығыўда мǝмлекетлик уйымлар, шөлкемлер ҳǝм олардыӊ лаўазымлы шахслары искерлигиниӊ ашықлығы тийкарғы принциплер есапланады.
Нызамға муўапық мүрǝжатлар аўызеки, жазба ямаса электрон түрде болыўы мүмкин. Лекин, мүрǝжатлардыӊ түрлерине қарамастан бирдей ǝҳмийетке ийе есапланады.
Өзбекстан Республикасыныӊ «Физикалық ҳǝм юридикалық шахслардыӊ мүрǝжатлары ҳаққында»ғы Нызамыныӊ ǝмел етилиўи, мүрǝжатларды көрип шығыў тǝртиби ҳǝкимшилик жуўапкершилик ҳақкындағы, пуқаралық процессуал, жынаят-процессуал, жынаят-орынлаў, экономикалық процессуал кодекслер ҳǝм басқа нызамлар менен белгиленген мүрǝжатларға, мǝмлекетлик уйымлардыӊ, сондай-ақ олардыӊ олар қурамындағы бөлимлериниӊ өз-ара жазыспаларына қолланылмайды.
Сонлықтан, барлық мүрǝжатларды көрип шығыў тǝртиби де атап өтилген нызам талапларына муўапық көрип шығылыўын аӊлатпайды.
Мүрǝжатлар процессуал болған ҳǝм процессуал болмаған мүрǝжатлар болыўы мүмкин. Яғный, процессуал болған мүрǝжатларды көрип шығыў тǝртиби судларда ҳǝкимшилик жуўапкершилик ҳақкындағы, пуқаралық процессуал, жынаят-процессуал, жынаят-орынлаў, экономикалық процессуал кодекслери ҳǝм басқа да нызам ҳүжжетлери менен белгиленген болса, ал айырым мǝмлекетлик уйымларда басқа нызам ҳүжжетлери менен белгиленеди.
Ал, судлар тǝрепинен процессуал болмаған мүрǝжатлар Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумыныӊ 2018-жыл 6-июлдеги РС-36-18-санлы қарары менен тастыйықланған «Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды ҳǝм төменги судларда физикалық ҳǝм юридикалық шахслардыӊ мүрǝжатларын көрип шығыў тǝртиби ҳаққында”ғы Реже ҳǝм ҳǝм басқа да нызам ҳүжжетлери тийкарында көрип шығылады.
Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судларына 2020-жыл даўамында физикалық ҳǝм юридикалық шахслардан жǝми 62 мүрǝжат, суд басшыларыныӊ жеке қабыллаўынан 45 жазба ҳǝм аўызеки мүрǝжатлар болған.
Барлық мүрǝжатлар, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ Халық қабыллаўханалары ҳǝм виртуал қабылханасы арқалы келген мүрǝжатлар да қадағалаўға алынып, белгиленген мүддетлерде мүрǝжат ийеси менен жеке қабыллаўлар шөлкемлестирилип, мǝселелер унамлы өз шешимин таўып келинди.
Буннан тысқары, Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судлары тǝрепинен 2020-жыл даўамында 4309 арзалар, даўа арзалар өз ўақтында көрип шығылып, тийисли қарарлар қабыл етилген.
Жуўмақлап айтқанда, ҳǝр бир шахс нызамда белгиленген тǝртипте мүрǝжат етиў ҳуқықына ийе болып, мүрǝжат нызамларда белгиленген мүддетлерде көрип шығылыўы Конституция ҳǝм нызамлар менен кепилленген.
Қоңырат районлар аралықэкономикалық суды баслығы А.Аяпов