Múrájat ushın isenim telefonı

background

Шоманайда мектеп оқыўшыларына велосипед саўға етиў даўам етпекте

Шоманайда мектеп оқыўшыларына велосипед саўға етиў даўам етпекте

Шоманай районында «Ҳаяллар дәптери» дизимде турыўшы 11 ҳаялдың 4 км ден узақ болған қашықлықтан мектепке қатнайтуғын перзентлерине Шоманай районы ҳәкимлиги ҳәм мәҳәлле қоры «Сақаўат ҳәм кѳмек» жамғармасы тәрепинен велосипед саўға етилди.

Мектеп оқыўшыларына саўғаны Шоманай районы ҳәкиминиң орынбасарлары А.Қайпназаров, Д.Ибадуллаева ҳәм Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң Шоманай районындағы Халық қабыллаўханасы баслығы И.Абдирахмановлар биргеликте тапсырды.

Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети @shomanay_rayon

Skip to content