Múrájat ushın isenim telefonı

background

Шоманайлы мектеп питириўшилери Нөкис қаласындағы жоқары оқыў орны Қарақалпақ Медицина институты ҳәм Темурбеклер мектебине саяхат етти

Шоманайлы мектеп питириўшилери Нөкис қаласындағы жоқары оқыў орны Қарақалпақ Медицина институты ҳәм Темурбеклер мектебине саяхат етти

Мектеп питириўшилерин кәсипке бағдарлаў, оларды жоқары оқыў орынларына қамтып алыў бойынша Шоманай районында бир қанша жумыслар әмелге асырылмақта. Қарақалпақстан Республикасында жайласқан жоқары оқыў орынлары профессор оқытыўшылары ҳәм белсенди үлгили студент жаслары район ҳәкими 1-сектор баслығы басламасына көре мектеп питириўшилери менен ушырасыўлар өткерилмекте.

Оқыўшы жасларды жоқары оқыў орынлары менен жақыннан таныстырыў мақсетинде Шоманай районы Ишки ислер бөлими баслығы П.Искендеровтың басламасы менен 3-сектор аймағындағы улыўма билим бериў мектеплери питириўшилери пайтақтымыз Нөкис қаласындағы Қарақалпақ Медицина институты ҳәм «Темурбеклер» мектебине саяхат етти. Саяхат даўамында мектеп питириўшилери дәслеп Қарақалпақ Медицина институтында болып, Институттың жаслар жетекшиси тәрепинен институтта студентлер ушын жаратылған шәраятлар менен жақыннан таныстырды.

Оннан соң оқыўшы жаслар «Темурбеклер» мектебине жол алды. «Темурбеклер» мектеби менен танысыў даўамында ол жерде оқыўшылар ушын барлық шәраятлар жаратылғанлығын ҳәм ҳақыйқый ўатан қорғаўшылары тәрбияланып атырғанлығының гүўасы болды. Усындай саяхатты шөлкемлестиргени ушын оқыўшы жаслар районлық Ишки ислер бөлимине өз миннетдаршылығын билдирди. Жаслар ислери агентлиги Шоманай районлық бѳлими

Skip to content