Соңғы жылларда судлар жумысында заманагөй технологияларды кең енгизиў бойынша әмелге асырылып атырған реформалар пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлерине өз ҳуқықлары ҳәм мәплерин қорғаў ушын судқа мүрәжат етиўди еркинлестириў, улыўма әдил судлаўға ерисиўди асырыў ҳәмде судлар жумысында ашықлық ҳәм айқынлықты тәмийинлеў имкәниятын берди.
Соның менен бирге, бүгинги күнде судларда ислерди көриўде көп ғана министрлик ҳәм мәкемелер менен мағлыўмат алмасыўды олардың хабар системасы менен өз-ара интеграция етилмегени себепли негизинде қағаз формасында әмелге асырылмақта. Буннан басқа, судлар тәрепинен пуқаралар ҳәм исбилерменлерге көрсетилетуғын интерактив хызметлер түрин кеңейттириў бойынша ислерди тезлестириў талап етиледи.
2021-жыл 1-январьдан баслап судларда суд мәжилислерин ис бойынша тәреплердиң илтимаснамасы ҳәм басшылық қылыўшының разылығы менен аудиожазыўдан пайдаланған ҳалда жазып барыў ҳәмде суд мәжилислери баянламаларын усы системадан пайдаланған ҳалда қәлиплестириў жолға қойылды.
Сондай-ақ:
2021-жыл 1-июльдан баслап апелляция ҳәм кассация инстанциясы судларында ислерди судьялар ортасында автоматласқан түрде бөлистириў;
2021-жыл 1-октябрьдан баслап барлық қатнасыўшыларды суд мәжилислериниң ўақты ҳәм орны ҳаққында “SMS” хабар арқалы төлемсиз хабарландырыў;
2022-жыл 1-январьдан баслап суд қарарларын ис бойынша тәреплерге онлайн тәризинде, олардың илтимаснамасы бойынша болса қағаз формасында усыныў;
2022-жыл 1-июльға шекем суд ҳәкимияты органлары жумысында, сол қатарда, пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлерине әдил судлаўға ерисиўде қолайлық жаратыў мақсетинде 10 ға жақын интерактив хызметлер көрсетиўди жолға қойыў;
2023-жыл 1-январьдан баслап суд ислерин мәмлекетлик архивке электрон формада тапсырыў ҳәм қабыллаў;
судлар, Судьялар Жоқарғы Кеңеси ҳәмде Судьялар Жоқарғы Мектебинде мәлимлеме-коммуникация технологиялары инфраструктурасын жәнеде жақсылаў бойынша жумыслар реже тийкарында, басқышпа-басқыш жолға қойылыўы нәзерде тутылған.
Төмендегилерди нәзерде тутыўшы Судлардың хабар системаларын мәмлекет органлары хәм шөлкемлердиң хабар системалары менен интеграциялаў бойынша:
28 мәмлекет органлары ҳәм шөлкемлери, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Виртуал қабыллаўханасы, Бас министрдиң Исбилерменлер мүрәжатлерин көрип шығыў қабыллаўханалары хабар системаларын Жоқарғы судтың хабар системасына басқышпа-басқыш жалғаў;
судлар тәрепинен мәмлекет органлары ҳәм шөлкемлерине усынылған мағлыўматларды электрон формада жибериў;
қандайда да исти көриў процессинде зәрүр болған мағлыўматлар ҳәм ҳужжетлерди пуқараларды әўере қылмаған жағдайда судлар тәрепинен тиккелей мәмлекет органлары ҳәм шөлкемлерден электрон формада алыў;
судлар тәрепинен жариймаларды кемейттириў яки оларды қолламаслық мәселелерин көрип шығыўда “Социаллық қорғаў бирден бир реестри” ҳәм басқа хабар системаларының интеграциясы арқалы пуқараның мүлкий жағдайы ҳәм социаллық аҳўалы ҳаққында исенимли мағлыўматлар менен танысыў;
судлар тәрепинен алимент муғдарын белгилеўде районлар кесиминде орташа айлық ис ҳақылары ҳаққында мағлыўматларды хабар системсы арқалы электрон формада алыў.
Жоқары суд хабар системасы менен мәмлекет органлары ҳәм шөлкемлердиң хабар системаларын интеграциялаў арқалы физикалық ҳәм юридикалық шахслар ҳаққындағы белгили мағлыўматлар судлардың электрон сораўы бойынша төлемсиз тийкарда усыныў белгиленген.
5. 2022-жыл 1-январьдан баслап судлар жумысына төмендеги имкәниятларды бериўши “Әдиллик” хабар системалары комплекси енгизиў көрсетилген:
Мәмлекет ҳәкимияты ҳәм басқарыў органлары, жергиликли мәмлекет ҳәкимияты органлары, хожалық басқарыў органлары, адвокатлар тәрепинен судларға даўа, арза ҳәм шағымларды тек электрон формада усыныў;
мәпли шахслар тәрепинен даўа, арза ҳәм шағымларды көрип шығыў процессин онлайн тәризинде бақлап барыў
суд мәжилиси қатнасыўшылары тәрепинен мағлыўматлар ҳәм ҳүжжетлерди электрон формада жибериў;
суд ҳүжжетлерин судлар жумысына енгизилген хабар системаларынан пайдаланған ҳалда автоматластырылған рәўиште қәлиплестириў.
2022-жыл 1-январьдан баслап:
Судьялар жоқары кеңесине судьялар, судьялық лаўазымына талабанлар тәрепинен электрон мүрәжат етиў, сәўбет процессинде берилетуғын сораўлар ҳәм ўазыйпаларды хабар системасы жәрдеминде автоматластырылған ҳалда таңлаў енгизиледи;
Судьялар жоқары кеңесине оның рәсмий веб-сайты арқалы арза ҳәм мүрәжатты жибериў, профессор-оқытыўшылар ҳәм тыңлаўшылардың рейтинг көрсеткишлерин электрон тәризде қәлиплестириў, судьялық лаўазымларға талабанларды таярлаў, судьялар ҳәм судлар аппараты хызметкерлерин қайта таярлаў, олардың тәжрийбесин асырыў курслары тынлаўшылардың оқыў процесин онлайн тәризде бақлаў тәртибин енгизилиў нәзерде тутылған.
Қоңырат районлар аралық экономикалық
суды кеңсе меңгериўшиси:М.Хошмуратова